Нөкис қаласындағы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан байрақлары орнатылған майданшада «Байрағымыз-мақтанышымыз» атамасында байрам кешеси болып өтти.

Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамның қабыл етилгениниң 27 жыллығына бағышланған илажға Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар, Миллий гвардияның әскерлери қатнасты.

Кешеде университет ректоры А.Реймов, республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының бөлим баслығы А.Камалов, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен спортшы, самбо бойынша жәҳән чемпионы А.Турданов,  Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың ийеси А.Оразымбетова, университет студенти Б.Жолдасбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мәмлекетимиз нышанлары, соның ишинде, байрағымыздың әҳмийетине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашиниң 1991-жыл 18-ноябрьде болып өткен гезексиз VII сессиясында «Мәмлекетлик байрақ ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди. Быйыл усы Нызамның қабыл етилгенине 27 жыл толды.

Ҳәр бир мәмлекеттиң байрағы-сол мәмлекет суверинитетиниң тымсалы болып есапланады. Өзинде миллий-мәдений дәстүрлерди жәмлеген байрақ делегациямыздың сырт еллерге сапары ўақтында, халықаралық майданлардағы түрли илажларда, спорт жарысларында Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик белгиси сыпатында бәлент желбиреп келмекте.

Республикамыздың пайтахты Нөкис қаласының пайызлы орынларының бирине тиккелей Президентимиздиң усынысы менен бийиклиги 55, ени 8, узынлығы 15 метр болған Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақларының орнатылыўы, бир мақсет жолында жасап, мийнет етип атырған көп миллетли халқымыздың қәлбинде мақтаныш сезимлерин пайда етип, олардың айдын келешекке болған исенимин арттырды десек, асыра айтқан болмаймыз. Себеби, халқымыздың өтмишин, бүгинги күнин ҳәм айдын келешегин өзинде жәмлеген байрағымыз, инсанларды ҳәмийше кәмилликке ҳәм бахытқа жетелеўши күшке ийе Ўатанымыздың айқын тымсалы болып есапланады.

Илайым азат ҳәм абат, еркин және абадан елимиздиң байрағы бәлентлерде желбирей берсин!

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.