Өзбекстанда жеке меншик медициналық мәкемелери тәрепинен (стоматологиялық ҳәм кометологиялық хызмет көрсетиўши мәкемелер буған кирмейди) айрым шахсларға бийпул медициналық хызметлер көрсетиледи. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Хабарда жазылыўынша, олар төмендегилер:

– өзгелердиң ғамқорлығына мүтәж болған жалғыз баслы кекселер ҳәм жалғыз жасайтуғын қарыялар;

– I ҳәм II топар майыплары, майып балалар;

– қарым-қатнасқа жарамсыз ҳәм қарым-қатнас қәбилети шекленген пуқаралар;

– социаллық көрсеткишке ийе кеселликлерге шалынған шахслар;

– жетим балалар ҳәм ата-анасының ғамқорлығынан айрылған балалар;

– 1941-1945-жыллардағы урыс майыплары ҳәм қатнасыўшылары, сондай-ақ, оларға теңлестирилген шахслар;

– 1941-1945-жыллардағы урыс дәўиринде фронт артында мийнет еткенлер.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги