Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Халық арасында ийис газинен зәҳәрлениў ҳәм ҳаўа-газ араласпасынан от шығыў менен байланыслы айрықша жағдайлардың алдын алыўға бағдарланған профилактикалвқ илажларды күшейтиў бойынша комплексли илажлар Бағдарламасы»ның орынланыўы тыйкарынан «Узтрансгаз» АЖ системасында 2018-жылдың 20-октябрь күнинен 2019-жылдың 20-январына шекем «Күнделикли турмыста газден қәўипсиз пайдаланыў айлығы» деп жәрияланғанлығы мүнәсибети менен, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жылдың 12-июль күнги «Республиканың экономикалық тараўлары менен социаллық тараў объектлерин 2018-2019-жыл гүз-қыс дәўиринде турақлы ислеўге таярлаўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3849-санлы қарары орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде республикадағы барлық экономикалық ҳәм социаллық тараў объектлерин, халық турақ жайларында өрт ҳәм тәбийғый газ бенен байланыслы кеўилсиз жағдайлардың алдын алыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы ИИБ өрт қәўипсизлиги басқармасы тәрепинен төмендеги ислер әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, «Қарақалпақ газ» унитар кәрханасы, «Қарақалпақ электр тармақлары» АЖ ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармалары менен биргеликте қоспа жоба ислеп шығылып, орынларға орынлаў ушын жиберилди ҳәм қадалаўға алынды. Бул тапсырма ҳәм көрсетпелерге тыйкарынан бәрше қала-районларда жумысшы топарлар дүзилип, оларға анық ўазыйпа ҳәм әмелге асырылыўы лазым болған илажлер белгилеп берилди.

Тәбийғый газдиң сызып шығыўы ақыбетинде газ ҳәм ҳаўа араласпасының от шығыўы ҳәм пуқаралардың ийис газлеринен зәҳәрлениўлериниң алдын алыў бойынша Өрт қәўипсизлиги хызмети тәрепинен Өрт қәўипсизлиги бөлимлери жеке қурамы, Айрықша жағдайлар басқармасы, Өртке қарсы гүрес жәмийетлери хызметкерлери, қала-районлар газ хожалығы ҳәм электр энергиясы қәнигелери, өзин-өзи басқарыўшы орган ўәкиллериниң жәрдемлери менен ишки ислер органларының профилактика инспекторларын қамтып, республикадағы халық турақ жайлары ҳәм көп қабатлы үйлерде, халық хожалығы орынларында, социаллық тараў объектлеринде тексериўшилер ҳәм өрт-профилактикалық тексериўлер өткерилмекте.

Өртлерде пуқаралардың күйип дене жарақатларын алыў ҳәм қайтыс болыў жағдайлары, тәбийғый газ ҳәм ҳаўа араласпасының от шығыўы және пуқаралардың ийис газлеринен зәҳәрлениўлериниң алдын алыў темаларында республика, қала-районлар газета ҳәм журналларында мақалалар басып шығарыў, республика қала-районлар ҳәм кәрхана, шөлкем, базарлар, хожалықлардың радиотармақлары арқалы еситтириўлер, жергиликли ҳәм орайлық телевидениелер арқалы көрсетиў ҳәм реклама-роликлерин қойып бериў шөлкемлестирилди. Өрт қәўипсизлигин үгит-нәсиятлаўшы еслетпе ҳәм буклетлер таярланып, орынларға тарқатылмақта.

Халық, шөлкемлер, оқыў хәм емлеў мәкемелери арасында өрт қаўипсизлиги илажларына әмел етиў ҳаққында кең түсиндириў жумысларын алып барыў, өртлердиң алдын алыў ҳәм өз ўақтында сапластырыў илажларына жәмийетшиликти кең түрде тартыў мақсетинде илажлар даўамында мәҳәлле, кәрхана ҳәм шөлкемлерде, мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларында хәм емлеў мәкемелеринде ушырасыўлар өткерилип, өрттиң алдын алыў ҳәм өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў тыйкарында профилактикалық түсиндириў жумыслары алып барылмақта.

Сондай-ақ, ҳәр бир көп қабатлы үйлерге Мәмлекетлик өрт қәўипсизлиги хызметкерлери бириктирилип, олар тәрепинен жеке  турақ жай мүлк ийелери ширкетлери, мәҳәлле белсендилери ҳәм ақсақаллары, тийисли жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте  турақ жайларды гүз-қыс мәўсимине таярлаў, әтирапларын абаданластырыў, сондай-ақ, қәўипсизлик ҳәм өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша ислер шөлкемлестирилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы ИИБ Өрт қәўипсилиги хызмети тәрепинен имаратларда табийғый газдың сызып шығыўы ҳәм пуқаралардың ийис газлеринен зәҳәрлениўлериниң алдын алыў бойынша шөлкемлестириў жумыслары күшейтилген тәртипте даўам еттирилмекте.

 

Нурлыбек Жамалов,

ҚМУ журналистика тәлим бағдарының 4-курс студенти.