Қарақалпақстан Республикасы Мәжбүрий орынлаў бюросы, оның қала ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен усы жылдың 1-июль-30-сентябрь аралығында, яғный үш ай даўамында жәми 210 млрд. 522,4 млн. сумлық 26418 орынлаў ҳүжжети тамамланып, соннан 23150 орынлаў ҳүжжети бойынша жәми 159 млрд. 575,3 млн. сум зыят өндирилип, жумыстың нәтийжелилиги еки есеге артыўына ерисилди.
Салық қарыздарлығын өндириў бойынша Мәжбүрий орынлаў бюросының районлық ҳәм қалалық бөлимлери тәрепинен усы жылдың өткен дәўиринде юридикалық ҳәм физикалық шахслардан өндирилетуғын 87 млрд. 621,3 млн. сумлық салық қарыздарлығын өндириў бойынша жумыслар алып барылмақта.
Республика бойынша электр энергиясы ҳәм тәбийғый газден қарыздарлықты өндириў бойынша да айтарлықтай жумыслар әмелге асырылған.
Усы жылдың 1-апрелинен 1-июльге шекем:
электр энергиясынан 54 млрд. 493,1 млн. сум өндирилген болса, 1-июльден 1-октябрьге шекем 71 млрд. 388,8 млн. сум өндирилип, бул көрсеткиш 16 млрд. 895,7 млн. сумға артығы менен өндирилди;
тәбийғый газден болса соңғы үш ай ишинде 92 миллиард 144,3 миллион сум өндирилген, яғный 48 миллиард 405,9 миллион сум артығы менен орынланған.
Энергия ресурслары тутыныўшыларының қарыздарлығын кемейтиў, қарызларын өндириў, нызамсыз жалғаныў бойынша тәртипбузарлыққа жол қоймаў және орынлаў исин жүргизиўди жетилистириў барысында сондай-ақ, халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыўда да унамлы көрсеткишлерге ерисилмекте. Атап айтқанда, басқарма, қала ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен өткен үш ай даўамында халықтың арасында телевидение, веб-сайтларда газета ҳәм журналларда түсиндириў ҳәм үгит-нәсият жумыслары, семинарлар ҳәм дөгерек сәўбетлери алып барылды.
Усының менен бир қатарда басқарма хызметкерлери тәрепинен пуқаралардың алимент қарызларын, жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм пуқаралар тәрепинен электр энергиясы ҳәм газ тармақларына нызамсыз жалғаныў, пуқаралар арасында жер участкалары бойынша тартыслар ҳәм басқа да фактлер бойынша да жумыслар алып барылып, даўагерлердиң мүрәжатлары унамлы шешим таппақта.
Бюро өз жумысын баслағалы берли жәми 415 млрд. 562,8 млн. сумлық 75206 орынлаў ҳүжжети бойынша өндириў ҳәрекетлерин алып бармақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги