5-июнь күни Әмиўдәрья районындағы Халық қабыллаўханасының мүрәжатлар менен ислесиўин үйрениўге бағышланған мәжилис болып өтти.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Көшпели қабыллаўда Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Өзбекистан Республикасы Жоқарғы суды, Бас прокуратура, бирқатар министрликлер, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлерден тийисли ўәкиллер қатнасып, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханасы ҳәм виртуал қабыллаўханасына жолланған мүрәжатлардың ийелери менен жеке сәўбетте болды.
Қабыллаўханаларға келип түскен мүрәжатлар үйренилгенде, районда тийкарынан турақ жай қурылысы ушын жер майданын ажыратыў, материаллық жәрдем менен тәмийинлеў, комуналлық хызметлердиң сапасын арттырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, пенсия ҳәм напақа пулларын өз ўақтында төлеў, банктен кредитлер бериў механизмин және де жетилистириў бойынша шешилиўи тийис болған машқалалар бар екенлиги мәлим болды.
Көшпели қабыллаў даўамында халық тәрепинен көтерилген мәселелердиң айырымлары усы жердиң өзинде шешимин тапты.
“Орта-қала” аўылында жасаўшы пуқара Б.Анорова баласы Ж.Сафарбаевтың шеп жамбас сүйегинде өсик пайда болғаны себепли усы өсикти шет елде операция жолы менен алдырып таслаў ушын материаллық жәрдем сорап, виртуал қабыллаўханаға мүрәжат еткен еди. Көшпели қабыллаў даўамында Ташкент қаласы онкология илимий тексериў институтына Россия федерациясынан қәнигели шыпакерлер әмелий жәрдемге келиўи мүнәсибети менен Ж.Сафарбаев бийпул операция әмелиятынан өткерилетуғын болды.
– Бүгинги мәжилисте мен аўыл хожалығы тараўы басшылары менен ушырасып, тараўға зәрүр болған терим фартукларын ҳәм қол қапларды үй жағдайында тигип, буннан тапқан дәраматым есабынан арзанлатылған турақ жай алыў мүмкиншилигине ийе болып атырман,-дейди мүрәжаты унамлы шешилген пуқаралардың бири, жумысты үйге алып ислеўши исбилермен, биринши топар майыбы Дәрменжан Ибадуллаева. Дәрменжанның кәсиплеси екинши топар майыбы Юлдуз Кәримова да усындай мүмкиншиликке ийе болған бахытлы инсанлардың бири болды.
Көшпели қабыллаўда буннан басқа да бирнеше пуқаралардың мәселелери унамлы шешилди.
Өз гезегинде бундай ушырасыў халық пенен ҳәкимият арасындағы бир-бирине болған исенимди арттырыўға себепши болды.
Республикамыздың район ҳәм қалаларындағы Халық қабыллаўханаларындағы жумысларды үйрениўге бағышланған мәжилис басқа да районларда да даўам етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги