Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасында 31-октябрь күни Германия Бундестагиниң «ГФР-Орайлық Азия» парламент топарының басшысы Манфред Грунд басшылығындағы делегация менен ушырасыўлар болып өтти.

1.jpg

Олий Мажлис Сенатының Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң баслығы А.Курманов пенен ушырасыўда мийманларға 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы тийкарында елимизде нызамшылық системасын беккемлеў бойынша алып барылып атырған реформалар ҳаққында айтып берди.

Тәреплер Өзбекстан-Германия қатнасықларын, соның ишинде, парламентлерарлық бирге ислесиўди беккемлеў мәселелерин додалады. Өз-ара исеним ҳәм мәпдарлық Өзбекстан-Германия сиясий қатнасықларының тийкарын қурайтуғыны айрықша атап өтилди.

«ГФР-Орайлық Азия» парламент топарының баслығы М.Грунд Бундестаг шөлкемлестирген «Халықаралық парламент стипендиясы» бағдарламасы, оның мақсет мәниси ҳаққында айтып берди. Бул бағдарлама бирге ислесиўши еллердиң перспективалы кадрларын Германия парламентиниң жумысы менен таныстырыў ҳәм өз-ара байланысларды және де беккемлеўди нәзерде тутады. Ҳәр жылы Бундестагта әмелияттан өтиў ушын 120 ға шамалас стипендия ажыратылады. 40 тан аслам мәмлекет ўәкиллери усы бағдарламаның стипендиантлары болып есапланады.

– Октябрь айында Бундестаг Өзбекстанды усы бағдарлама қатнасыўшыларының дизимине киргизиў ҳаққында қарар қабыл етти, – деди Манфред Грунд. – Өзбекстанның бул дизимге киргизилиўи тараў ўәкиллериниң халықаралық тәжирийбелерди үйрениўинде ҳәм парламентлераралық бирге ислесиўди жолға қойыўда үлкен әҳмийетке ийе болатуғынына исенемен.

Ушырасыўда Өзбекстанды раўажландырыўдың индустриал-инновациялық бағдарламаларын әмелге асырыўда Германияның қатнасыўы ҳәм жоқары технологиялық бирликтеги кәрханаларды шөлкемлестириў имканиятлары додаланды. ГФР елимиздиң Европа аўқамында жетекши саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық шериклеринен бири екени атап өтилди. Саўда-экономикалық қатнасықларды беккемлеўди даўам еттирген ҳалда еки елдиң бар потенциалынан толық пайдаланыў зәрүрлиги атап өтилди.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары С.Отамуродов пенен болған сөйлесиўде мийманларға елимизде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылысты жетилистириў, суд-ҳуқық системасын буннан былай да реформалаў, экономиканы либералластырыў, қәўипсизлик ҳәм миллетлераралық татыўлықты, сыртқы сиясатта өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Парламентлераралық бирге ислесиўге байланыслы мәселелер, сондай-ақ, Өзбекстанда инновациялық бағдарламаларды әмелге асырыў, жоқары билимлендириў системасында бирге ислесиўди беккемлеў, экономикаға алдынғы технологияларды енгизиўде бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша пикир алысылды.

Сөйлесиў даўамында регионда қәўипсизликти тәмийинлеў, Арал апатшылығы ақыбетлерин сапластырыў, Орайлық Азия еллериниң өз-ара пайдалы байланысларын раўажландырыў мәселелери де додаланды.

Зухра МИРЗАБОЕВА,

ӨзАның хабаршысы