Елимизде болып атырған БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң дин ҳәм исеним еркинлиги мәселеси бойынша арнаўлы баянатшысы А.Шаҳид басшылығындағы делегация ағзалары 4-октябрь күни Ташкент ислам университетине келди.

Өзбекистанда дин ҳәм исеним еркинлиги, диний кеңпейиллик толық тәмийинленген. Елимизде жасап атырған түрли миллет ҳәм дин ўәкиллериниң емин-еркин исеними ушын барлық шараят жаратылған.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың 19-сентябрь күни БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде БМШтың Жаслар ҳуқықлары ҳаққындағы халықаралық конвенциясын ислеп шығыў ҳәм Бас Ассамблеяның «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» деп аталған арнаўлы резолюциясын қабыл етиў бойынша алға қойған басламалары бул бағдардағы жумысларды сапа жағынан жаңа басқышта даўам еттириўде айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Елимизде жас әўладқа муқаддес динимиздиң тийкарғы мәнисин үйретиўде Ташкент ислам университети әҳмийетли орын тутады.

Ахмад Шаҳид басшылығындағы делегация ағзалары университетте басылып шыққан илимий-көпшилик әдебиятлардан ибарат көргизбе менен танысты. Университеттиң Дәреклер ғәзийнесинде сақланып атырған қол жазба шығармаларды, тарийхый дәреклерди, каллиграфиялық үлгилерди көзден өткерди.

Университетте шөлкемлестирилген Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша ислам шөлкеми-ISESCOның «Ислам цивилизациясын үйрениў» кафедрасының жумысы, оқыў процеси делегация ағзаларында үлкен қызығыўшылық оятты. Мийманлар университет аймағындағы Юнусхан, Шайх Хованди Тоҳур ҳәм Төле бий мавзолейлерин зыяратлады.

Профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер менен өткерилген дөгерек сәўбетинде жоқары оқыў орнында жаслардың дүньялық және диний билимлерди пуқта ийелеўи, илимий изертлеўлер алып барыўы ушын жаратылған шараятлар, диний кеңпейиллик мәселесин тәмийинлеў бойынша университет тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Аҳмад Шаҳид басшылығындағы делегация ағзалары Өзбекистан жаслар аўқамы орайлық кеңесиниң баслығы Қ.Қуранбоев пенен ушырасты.

Сөйлесиўлер даўамында Өзбекистанда жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың мазмун-мәниси, оларды улыўма адамгершилик қәдриятлар руўхында тәрбиялаўға қаратылып атырған итибар туўралы сөз етилди.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Өзбекистан жаслар аўқамы шөлкемлестирилди. Бул шөлкемге тийкар салынған 30-июнь сәнеси елимизде Жаслар күни, деп жәрияланды. 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы тийкарында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыста жаслардың белсендилиги арттырылмақта.

Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат жәмлеспеген жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға, оларды кәсипке бағдарлаў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеўге, жаслар арасында жынаятшылықтың және ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға байланыслы жумысларда да айқын көринисин таппақта.

Илажда елимизде жәмийетлик-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў, жасларды диний экстремизм, терроризм идеяларынан сақлаў, зыянлы ағымларға кирип қалғанларын жәмийетке қайтарыў жолында белсене жумыс алып барылып атырғаны атап өтилди.

Аҳмад Шаҳид Өзбекистанда жаслар ушын дин ҳәм исеним еркинлигин тәмийинлеў саласында әмелге асырылып атырған жумысларға, елимиздиң бул бағдардағы бай  тәжирийбесине жоқары баҳа берди, Өзбекистан жаслар аўқамының тийкарғы мақсети ҳәм ўазыйпалары ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат алды.

Делегация ағзалары усы күни Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Ҳаял-қызлар комитетинде де ушырасыўлар өткерди.

М.ЭЛМУРОДОВ,

ӨзА ның хабаршысы