Елимизде халықтың денсаўлығын сақлаў, кеселликлердиң алдын алыў мақсетинде медицина тараўы раўажланған бир қатар еллердиң тәжирийбели шыпакерлери менен бирге ислесиў жумыслары жақсы жолға қойылмақта.
Усы жыл 18-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң басламасы менен Украинаның Н.М.Амосов атындағы жүрек қан-тамыр кеселликлери хирургиясы институтының жетекши қәнигеси, профессор Андрей Горячев ҳәм Республикалық қәнигелестирилген кардиология орайының Хорезм ўәлаятлық филиалынан бир топар кардиохирург шыпакерлер Нөкис қаласына келди.
Олар Арал бойы халқының жүрек қан-тамыр кеселликлерин саўалландырыў орайында бир күн даўамында 100 ден аслам наўқасты қабыллады.
– Бизлердиң бул жерге келгендеги тийкарғы мақсетимиз – Арал бойында жасап, экологиялық қыйыншылықларды басынан өткерип атырған аймақ халқына азда болса медициналық жәрдем көрсетиў болып есапланады,-дейди профессор А.Горячев. – Медициналық тексериўден өткенлердиң барлығына анық диагноз қойып, тийисли мәсләҳәтлер берип барылды. Солардың ишинен 30 дан асламына операция өткериў бойынша жоллама берилди.
Бирге ислесиў жумыслары даўам етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.