Нөкисте Өзбекстан Республикасы Президентиниң сыйлығы ушын дәстүрий «Ташаббус-2018» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Илажда «Ең жақсы фермер» бағдарында Қоңырат районынан «PORTAU TARTULI» фермер хожалығы, «Ең жақсы өнермент» бағдарында Шымбай районынан зергер Әдил Тәжимуратов, санаат тараўындағы «Ең жақсы исбилермен» бағдарында «Nukus Evro Stroy» жуўапкершилиги шекленген жәмийети, хызметлер көрсетиў тараўындағы «Ең жақсы исбилермен» бағдарында «Muynak tour» жуўапкершилиги шекленген жәмийети, «Ең жақсы жас исбилермен» бағдарында Нөкис қаласынан «ORALBAY NUKUS» шаңарақлық кәрханасы биринши орынларды ийелеп, Ташкент қаласында болып өтетуғын жуўмақлаўшы басқышқа жоллама алды.

-Президентимиздиң 2017-жыл 28-февраль күнги «2017-2018-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районын экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарынан кейин районға келиўши туристлердиң саны дерлик  3-4 есеге көбейди,-дейди таңлаў жеңимпазы, «Muynak tour» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Амина Бегжанова.-Район орайында, сондай-ақ, теңиз жағасында туристлер ушын қара үйлер тигилип, «Маяк» кафеси иске түсирилди. Соның менен бирге, оларға транспорт хызметин көрсетиў жолға қойылды. Бул бағдардағы бизиң азғана мийнетимизди жоқары баҳалағаны ушын миннетдаршылық билдиремиз.

Таңлаўда сондай-ақ, 15 қосымша номинация бойынша жеңимпазлар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Илаж республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

 (М.ҲАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери).