Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қараөзек районлық Кеңеси ҳәм халық депутатлары районлық кеңесиндеги депутатлық топары тәрепинен районлық мәденият бөлими менен биргеликте мәмлекетлик қорғаўға алынған материаллық-мәдений мийрас объектлери, сондай-ақ, тарийхый, илимий, көркем өнер ямаса өзгеше қунлылыққа ийе болған жаңа көшпес мүлк объектлерин үйрениў ҳәм бул бағдардағы жумысларды муўапықластырыў мақсетинде район көлеминде тарийхый орынларда болмақта.

Партия ўәкиллери дәслеп «Қараөзек» АПЖ аймағында жайласқан жергиликли әҳмийеттеги тарийхый ҳәм зыярат орны Қабақлы ата мақбарасы (XVIII-XIX әсирлерге тийисли), сондай-ақ, Жийен жыраў (XVIII әсир), Өтеш шайыр (XIX әсир) ҳәм Ҳүрлиман қыз бақсы (XIX-XX әсирлер) қойымшылықлары, VI-IX әсирлерге тийисли болған Қырық жигиттиң қаласы естеликлериниң ҳәзирги аўҳалы, сақланыў жағдайын үйренип, жергиликли халықтың усы естеликлер ҳаққындағы мағлыўматлары менен танысты.

 

Ҳүрлиман Салиева,

Журналистика тәлим бағдарының 4-курс студенти.