2018-жыл 1-ноябрьден «Afrosiyob» тез жүрер поездлары билетлериниң баҳасы қымбатлайды. Бул ҳаққында «Өзбекстан темир жоллары» АЖ баспасөз хызметине тийкарланып, Daryo.uz хабар бермекте.

Хабарда жазылыўынша, бул электр энергиясы, шийки зат, аўысық бөлеклер ушын барлық қәрежетлерди қаплаў ҳәм хызметкерлерге мүнәсип мийнет ҳақы төлеў ушын зәрүрли шара болып табылады.

Баҳаларды тәртиплестириў поезд жөнелислери санының көбейиўине алып келиўи ҳәм социаллық әҳмийетке ийе жөнелислерди турақлы рәўиште тәмийинлеп турыў мүмкиншилигин бериўи билдирилмекте.

Баҳалардың неше сумға қымбатлаўы мәлим етилмеген.

Мағлыўмат ушын, ҳәзирги ўақытта Ташкент-Бухара-Ташкент, Ташкент-Шаҳрисабз-Ташкент, Ташкент-Самарқанд-Ташкент жөнелислеринде 4 «Afrosiyob» тез жүрер поезди ҳәрекетленбекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги