2018-жылдың өткен тоғыз айы даўамында ең жоқары орташа айлық мийнет ҳақысын қаржы ҳәм қамсызландырыў тараўындағы шөлкемлердиң хызметкерлери алған. Олардың орташа номинал мийнет ҳақысы 3 млн 213 мың сумнан асламды қураған. Бул ҳаққында Мәмлекетлик статистикалық комитетиниң мағлыўматларына тийкарланып Kun.uz хабар бермекте.

Буннан кейинги орынды мәлимлеме ҳәм байланыс тараўы хызметкерлери ийелеген. Олардың орташа номинал мийнет ҳақысы 3 млн 196 мың сумға тең болған.

Мағлыўматларға қарағанда, ең кем орташа номинал мийнет ҳақы денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық тараў хызметкерлерине тийисли болған. Олардың орташа номинал мийнет ҳақысы 1 млн 85 мың сумға тең болған.

Билимлендириў тараўында жумыс ислеп атырғанлар да басқа тараў ўәкиллерине салыстырғанда аз мийнет ҳақы алыўы белгили болды. Олардың орташа номинал мийнет ҳақысы 1 млн 300 мың сумға шамаласты қурайды.

Мәмлекетлик статистикалық комитетиниң мәлим етиўинше, 2018-жыл январь-сентябрь айларында Өзбекстан Республикасында орташа айлық номинал есапланған мийнет ҳақы 1 млн 684,5 мың сумды (мийнет ҳақына үстеме, сыйлық, хошаметлеў сыяқлы төлемлер, компенсация ҳәм ислемеген ўақыт ушын ҳақы сыяқлы төлемлер киргизилген, сондай-ақ, оның қурамында физикалық шахслардың дәрамат салығы, социаллық қамсызландырыў ҳәм кәсиплик аўқамына төлемлер де бар) қураған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги