Европааўқамға ағза мәмлекетлер халқының шама менен төрттен бири ямаса 112,9 миллион адам кәмбағаллыққа түсип қалыў алдында тур. Шийшемби күни Евроаўқамның «Евростат» статистикалық хызмети усындай мағлыўмат тарқатты, деп хабар бермекте «Қазақпарат» агентлиги.

Мәлим етилгениндей, 2017-жылы Евроаўқам қурамындағы үш мәмлекет халқының үштен бирине кәмбағаллыққа түсип қалыў қәўпи дөнип тур. Олар: Болгария (38,9 процент), Румыния (35,7 процент) және Греция (34,8 процент). Ал халқының жағдайы жақсырақ мәмлекетлердиң ишинде Чехия алдында келмекте. Оның улыўма халқының 12,2 проценти ғана кәмбағаллыққа түсип қалыў қәўипи бар. Кейинги орынларға Финляндия (15,7 процент), Словакия (16,3 процент) және Нидерланды (17 процент) жайластырылған.

2008-2017-жыллар аралығында Европа Аўқамының онлаған елинде кәмбағаллық ямаса социаллық жағдайы төменлеў қәўипи болған адам саны артқан.

Халқының басым көпшилиги кәмбағаллықта жасайтуғын еллер ишинде бириншилерден болып Греция тур. Кейинги орынларда Италия, Испания, Нидерланды, Кипр және Эстония турады.

Хабарда бундай категориядағы адамлардың саны анағурлым азайып атырған мәмлекетлер де атап өтилген. Олар Польша, Румыния, Латвия және Болгария.

 

 Қарақалпақстан хабар агентлиги