Арменпресстиң хабарлаўынша, Армения премьер-министри Николь Пашинян отставкаға кетиўге арза берди. Армения Президенти Армен Саркисян ҳүкиметтиң отставкасын қабыл етти. Премьер-министр Н.Пашинян оставкаға кетиў нийетин бурын France 24 ке берген интервьюинде билдирген.

Интервьюде ол усы жылдың 10-декабринде мүддетинен бурын парламентлик сайлаў өткериў мақсетинде мәмлекет Парламентин тарқатыў басламасын көтериў ушын 15-октябрьде отставкаға кететуғынын айтқан. Армения парламенти депутатлары 2018-жылы 8-май күнги жыйналыста оппозиция басшысы Николь Пашинянды мәмлекеттиң премьер-министри хызметине сайлаған. Ҳәрекеттеги нызамшылыққа муўапық, премьер-министр отставкасынан кейин Армения Президенти Ҳүкиметтиң отставкасын қабыллайды. Кейин бир ҳәптениң ишинде Парламент фракциялары премьер-министр лаўазымына кандидатларды усынады. Премьер-министр Парламент мәжилисинде депутатлардың даўысы арқалы сайланады. Егер даўыс бериў ўақтында премьер-министр сайланбаса, бир ҳәптеден қайта сайлаў өткериледи. Оған депутатлардың улыўма санының үштен бири усынған кандидатлар қатнасады. Ең көп даўыс жыйнаған кандидат жеңимпаз болады. Егер премьер-министр екинши рет өткерилген сайлаўда да сайланбаса, Армения Парламенти тарқатылып, гезексиз парламентлик сайлаўы өткериледи. Арменияда гезексиз  парламентлик сайлаў быйылғы декабрьде өтиўи мүмкин.

Мағлыўматларға қарағанда Арменияда усы жылдың 13-май сәнесинде жаңа ҳүкимет қәлиплестирилген еди.

   

 Қарақалпақстан хабар агентлиги