korrespondent.net Германияның Гессен қаласында жеңил моторлы Cessna самолёты бир топар адамды қағып кетти.

Пилот самолетты тийисли жерге қондыра алмай, екинши рет қайтадан қоныўға ҳәрекет еткен.

Зәрүр болған бийикликке көтериле алмай ақыбетинде қоршаўды бузған самолёт бир топар адамды қағып кеткен. Үш адамның басына жетти. Қайтыс болғанлардың екеўи ҳаял, биреўи жас нәресте. Самолётқа ҳеш нәрсе болмаған.Сегиз адам түрли дәрежеде жарақат алған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги