Ҳүкимет қарары менен Фарҳод Исламович Саламов Өзбекстан Республикасы Акционерлик коммерциялық Халық банки басқарма баслығының орынбасары етип тайынланды.

 Еслетип өтемиз, ҳәр бир аўылда, халық жасайтуғын жерде, ҳәр бир хожалық аймағында банк инфраструктурасын жаратыў, республикада жасайтуғын ҳәр бир адамның банк хызметлери системасынан пайдаланыўын тәмийинлеў, хызмет көрсетиўдиң мәдениятын ҳәм сапасын жәҳән стандартлары дәрежесине жеткерген ҳалда халыққа кең көлемли банк хызметлерин көрсетиў АК Халық банкиниң тийкарғы ўазыйпаларынан етип белгиленген.

ӨзА