Республикамыз аймағында 2018-жыл 15-октябрьден баслап 2018-2019-жыллар ушын жылытыў мәўсими басланды. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 320-санлы бийлиги қабыл етилди, деп жазады Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызмети.
«Ѳзгидромет» орайы берген мағлыўматқа бола республикамыз аймағында 2018-жылдың 11-октябринен баслап ҳаўа температурасының кескин суўытыўы бақланды.
Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, республикамыз аймағында өткен жылы жылытыў мәўсими 16-октябрьден басланған еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги