Тек жас әўладқа емес, ал барлық жастағы инсанларға үлги, өрнек болатуғын заманымыз қаҳарманларының тымсалын жаратыў оғада үлкен әҳмийетке ийе.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев өткен жылы декабрь айында Аўыл хожалығы тараўында салмақлы табыслары, ҳадал мийнети менен ҳәммеге үлги болып атырған Өзбекстан Қахарманлары Азим Латипов, Аваз Эргашев, Анорбой Эшматов, Парда Зиёдов, Сәрсенбай Сейтназаров, Исохон Баҳромов, Сиёсатхон Абдуллаева, Аваз Ҳосилов, Гулмат Ҳайитметов, Шарифбой Ражабов, Аҳмад Нарзуллаев, Абдумурод Бозоров, Абдурайим Ҳомидов, Патилахон Эргашева, Халчахон Мирзаева, Тўра Нарзиевлердиң атын мақтаныш пенен тилге алды.

ӨзАның дөретиўшилик топары исмлери Президентимиз тәрепинен ҳүрмет пенен тилге алынған пидайылар ҳаққында «Гәўҳардың жилўаланыўы ямаса заманласларымыздың келбетине штрихлар» атлы китап жаратты.

         «ӨзА китапханасы» дүркиминде «Академнашр»да басып шығарылған бул китапта усы қаҳарманлар ҳаққында мақала ҳәм очерклер жәмленген.

Бүгиннен баслап усы китаптан орын алған заманымыз қаҳарманлары ҳаққындағы гүрриңлер менен танысып барасыз.

Сизде китап қаҳарманларының өмири менен және де жақыннан танысыў тилеги пайда болса, төмендеги телефон номерлерине ҳәм электрон мәнзилге мүрәжат етиўиңиз мүмкин:

Телефонлар: (71) 233-07-69, (71) 233-21-58, (90) 660-23-32, (93) 501-23-04

Факс: (71) 233-24-45

Email: pochta@uza.uz, info@uza.uz

Cайтымызды бақлап барың!