«Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) сайлаўының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Нызам Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен тастыйықланды.

Нызам тийкарында пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)ның гезектеги сайлаўы 2019-жыл май айында өткерилиўи белгиленди.

Сол мүнәсибет пенен, пуқаралар жыйынларының әмелдеги баслықлары (ақсақаллары)ның ҳәм олардың мәсләҳәтшилериниң ўәкиллик мүддети 2019-жыл май айында пуқаралар жыйынларының жаңа баслықлары (ақсақаллары) сайланғанға шекем узайтылды.

Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.