Өзбекстан Республикасы Президенти «Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)ның сайлаўы ҳаққында»ғы Нызамға қол қойды.

Нызам тийкарында «Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) ҳәм оның мәсләҳәтшилериниң сайлаўы ҳаққында»ғы Нызам өз күшин жойтты.

Нызам тийкарында пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)ның сайлаўын өткериў менен байланыслы бир қатар жаңа тәртиплер орнатылды.

Атап айтқанда, буннан былай пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) менен бир ўақытта олардың мәсләҳәтшилерин сайлаў тәртиби бийкар етилди.

Және бир әҳмийетли тәрепи, усы сайлаўлардың объектив ҳәм әшкаралығын тәмийинлеў мақсетинде, Нызамда пуқаралар жыйыны баслығы сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериў, сайлаў өткерилетуғын сәне, ўақыт ҳәм орын, пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) лаўазымына талабанлар ҳаққындағы мәлимлеме Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары жумысларын муўапықластырыў бойынша кеңеслердиң рәсмий веб-сайтларына сайлаў өткерилиўинен кеминде бес күн алдын жайластырылыўы белгиленди.

Нызамдағы әҳмийетли өзгерислердиң және бири, бул пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)ның үш жылға сайланыўы болды.  Алдын олар еки ярым жылға сайланатуғын еди.

Соның менен бирге, пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге көмеклесетуғын республикалық комиссия қурамына Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары ҳәм Сенаты ағзалары, мәмлекетлик органлардың, мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлердиң, илимий ҳәм басқа шөлкемлердиң ўәкиллери киргизилиўи мүмкинлиги Нызамда сәўлеленди.

Сайлаўларда пуқаралардың ўәкиллери болыў ушын шөлкемлестириўшилик қәбилетине, турмыслық тәжирийбеге ҳәм халық арасында абырой-итибарға ийе болыў кереклиги көрсетип өтилди. Буннан былай бул ўәкиллердиң саны сайлаўда қатнасыў ҳуқықына ийе болған пуқаралардың улыўма санының кеминде он еки процентин қураўы керек болады.

Әҳмийетли өзгерислердиң және бири, буннан былай пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)ның сайлаўлары тек ғана жасырын даўыс бериў жолы арқалы әмелге асырылады. Алдын сайлаўлар ашық ямаса жасырын даўыс бериў жолы арқалы әмелге асырылатуғын еди.

Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.