15-октябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры белгили жазыўшы Ш.Айтматовтың «Теңиз жағалап жортқан Тарғыл көпек» шығармасы тийкарында исленген «Лувр үйреги» спектаклиниң премьерасы болып өтти.
Жазыўшының бул шығармасы жәҳән әдебиятында өзине тән орны бар шығармалардың бири болып, мазмуны жағынан терең ҳәм көп қырлылығы менен ажыралып турады.
Спектакльде Урқан баба биринши мәрте ақлығы Кирискты изине ертип, олар Кирисктиң әкеси Эмрайын, ағасы Милхун менен бирге теңизге аўға шығады. Ал, теңиз жағалаўында тарғыл көпек қалып қояды.
Олар қалың думанда қалып қояды. Жасаў ушын гүрес басланады. Өзлери менен бирге алып шыққан бир уртлам душшы суўды Кирискқа қалдырыў ушын Урқан баба ҳәм оның қасындағылар изли-изинен өзлерин теңизге таслап, өмирден көз жумады. Кишкене Кириск қайықта бир өзи қалады. Көп қыйыншылықты басынан өткерген спектакль қаҳарманы жағаға жалғыз өзи жетип келеди.
Солай етип, спектакльде тәбияттың еки қудиретли күши – қурғақлық пенен теңиз арасындағы гүрес даўам етеди. Инсан тәбият күши алдында әззи екенлиги сәўлеленеди.
Спектакльди сахналастырған ҳәм қайта ислеген жас талантлы режиссёр Мухтар Реймовтың бул биринши жумысы болып, актёрлар да жақсы таңлап алынған.
Театр актёрлары өзлерине тапсырылған рольди шеберлик пенен атқарып шықты. Атап айтқанда, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист Базарбай Назарымбетов (Урқан баба), Көпжүрсин Алланазаров (Эмрайын), Бахрам Мақсетбаев (Милхун), Гүлсанем Абатбаева (Кириск), Султан Оразымбетов пенен Диларам Оразымбетовалар (авторлар) тамашагөйлердиң алғысына миясар болды.
Мағлыўмат орнында соны да келтирип өтпекшимиз, усы жыл 2-апрель сәнесинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Уллы жазыўшы ҳәм ҳәм жәмийетлик ғайраткер Шыңғыс Айтматов туўылғанының 90 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди. Спектакль 26-октябрь күни Ташкент қаласында өткерилетуғын «Дебют-2018» фестивалына қатнасады.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы