Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Нызамшылық ҳәм суд-ҳуқықы мәселелери комитетиниӊ баслығы сенатор Батыр Матмуратов пенен ушырасыӯ (сенатор сааты) болып өтти. Ушырасыӯға университет профессор-оқытыӯшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Онда бүгинги күнде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар, жаңадан қабыл етилип атырған ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлердиң мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында студент- жасларға кең турде тусиник берилди.
Ушырасыӯ қатнасыӯшылары өзлерин қызықтырған сораӯларына жуӯап алды.
З.Абубакирова,
ҚМУ журналистика қәнигелигиниӊ 4-курс студенти