Американың Джонсон Хопкинс университети илимпазлары жасалма тәризде инсан көзиниң тор пердесин өсирди. Бул ҳаққында Korrespondent.net хабар берди.
Биологлар инсан көзиниң бир бөлегин өсириў үстинде тоғыз ай жумыс алып барған. Бул нәтийже қәнигелерге реңди ажыратыўға ҳәм күндизги көриўди тәмийнлеўге имкан бериўши жақтылық қабыл ететуғын рецепторды үйрениўге жәрдем береди.
Ҳайўанлар көзиниң дәслепки изертлениўи нормал көриў қәбилетиниң раўажланыўы ушын қалқан тәризли бездиң тиреоид гармоны тийкарғы орын ийелеўин көрсеткен. Биологлар оны инсан көзиниң өсирилип атырған тор пердесин азықландырыўшы қуралға қосқан ҳәм бул фоторецептордың жетилисиўине жәрдем берген.
Ойлап табылған үлги жақтылықты толық қабыл етеди ҳәм нерв талшықларына мағлыўмат жибереди.
Жаҳангер Искендеров таярлады.