Көпшилик саяхатшылардың пикирине бола, дүньядағы ең жақсы музей Париж қаласындағы Орсе музейи болды. Бул ҳаққында РИА Новости хабар берди.

Бир жыл ишинде бул музей еки бағана жоқары көтерилген ҳәм Нью-Йорктағы еки бәсекилеси – Метрополитен (үшинши орын) ҳәм 2001-жыл 11-сентябрь теракты қурбанлары естелигине арналған Миллий мемориал 9/11 музейинен (екинши орын) озып кеткен.

Төртинши орынды Лондондағы Британия музейи, бесинши орынды болса Мадридтеги Прадо музейи ийелеген.

Сондай-ақ, биринши онлыққа Афинадағы Акрополь, Париждеги Лувр, Жаңа Орлеандағы (АҚШ) Екинши дүнья жүзилик урыс миллий музейи, Мехикодағы Антропология миллий музейи, Вьетнамдағы урыс қурбанлары музейи кирген.

 

Жаҳангер Искендеров таярлады.