Финляндияның Хельсинки қаласы әтирапында жасаўшы ер адам думанды түтин деп ойлады. Ол өртти өшириў ушын өрт өшириўшилерди шақырған. Бул ҳаққында Korrespondent.net xaбaр берди.

Хельсинки жақынындағы Керава қаласында жасаўшы ер адамның шақырыўына тийкарланып өрт өшириўшилер жетип келген. Негизинде, қаланы күшли думан қаплаған еди.

Метеорологлар думан Финляндияның батыс ҳәм қубла жағысларында пайда болыўы ҳаққында ескерткен еди. Бундай ҳәдийселер жыллы күнлерден кейин түнде музлаў жүз берсе бақланады.

 

Жаҳангер Искендеров таярлады.