Америка Қурама Штатларының қубласында бир неше күннен берли даўам етип атырған боран апатшылықтың зыяны күннен-күнге артып бармақта.

Жергиликли ҒХҚ лардың мәлим етиўинше боран ҳәзирге шекем Флорида штатында 4 адамды, Жоржия штатында бир бала ҳәм шығыс Королина штатында бир адамның қайтыс болыўына алып келген. Сондай-ақ, қутқарыўшылар тәрепинен көплеген халыққа жәрдем көрсетилген ҳәм олардың өмири сақлап қалынған.

Алты штаттағы 1,3 миллион халық электр энергиясысыз қалған.

ӨзА