Ташкентте Өзбекстан – Корея бизнес-форумы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Сыртқы саўда министрлиги, Саўда-санаат палатасы ҳәм Корея Республикасының Өзбекстандағы елшиханасы менен биргеликте шөлкемлестирилген усы илажда еки мәмлекет исбилермен топарларының 150 ден аслам ўәкили қатнасты.

Форумның ашылыўында Өзбекстан Республикасы сыртқы саўда министри Ж.Хўжаев, Саўда-санаат палатасының баслығы А.Икрамов, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети баслығының биринши орынбасары Л.Қудратов, Корея Республикасының киши ҳәм орта бизнес ассоциациясы ҳәм «Shingdon Resources» компаниясының баслығы Ким Ёнг Гу, Хвасон қаласы саўда-санаат палатасының баслығы Пак Сунг Квен ҳәм басқалар шығып сөйледи.

Корея Республикасы Өзбекстанның исенимли саўда ҳәм инвестициялық шериклеринен бири. Еллеримиз арасындағы беккем саўда бирге ислесиўи орнатылған. Өзбекстанда кореялы исбилерменлер инвестициясының қатнасыўында 460 тан аслам кәрхана нефть-газ, химия санааты, автомобиль қурылысы, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, электротехника, логистика, тоқымашылық, мәлимлеме технологиялары, медицина, билимлендириў ҳәм басқа да тараўлар бойынша жумыс алып бармақта. Корея Республикасының Өзбекстанға қаратылған тиккелей инвестицияларының көлеми 7 миллиард АҚШ долларынан асқан.

Статистика бойынша, усы жылдың 9 айында мәмлекетлеримиз арасында саўда айланысы 34 процентке артып, 1,28 миллиард долларды қураған. Форумда бул цифрлар жылдың аяғына шекем және артыўы, жақын келешекте тәреплер саўда айланысын 3 миллиард АҚШ долларына жеткериўди режелестирип атырғаны мәлим етилди.

Сыртқы саўда министри Ж.Хўжаевтың сөзлирине қарағанда, Өзбекстанда жылына 20 миллион тоннадан зыят мийўе-палыз жетистирилмекте. Сапасы жоқары ҳәм витаминлерге бай болған өнимлеримизди Корея Республикасына тиккелей жеткерип бериў кеңеймекте. Мийўе-палыз жеткерип бериўдиң көлемин арттырыў мақсетинде кореялы шериклерге Өзбекстанда карантин инфраструктураларын шөлкемлестириў усыныс етилмекте. Соның менен бирге елимиз Корея базарына реңли ҳәм баҳалы металлар жеткерип бериўге де таяр. Ҳәр қыйлы санаат тармақларын модернизациялаў мақсетинде өз гезегинде, Кореядан жоқары технологиялы үскенелер импорт етиледи.

Мәмлекетимизде жаратылған қолайлы инвестициялық шараят кореялы исбилерменлерди  барған сайын өзине тартпақта. Бүгинги күнде Кореядан 15 мыңнан аслам киши кәрхана Өзбекстанға келиўге таяр тур. Форумда Корея Республикасының Хвасон қаласы саўда-санаат палатасының баслығы Пак Сунг Квен усы ҳаққында мәлим етти. Оның атап өтиўинше, ортада қәлиплескен беккем экономикалық қатнасықлар буннан кейин де бирге ислесиў қырларын кеңейтип барады.

Форумда мәмлекетимиздеги еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарындағы имканиятлар, салық ҳәм бажыхана жеңилликлери ҳаққында мағлыўмат берилди. Биргеликте энергетика, аўыл хожалығы, туризм, коммуникация, қаржылық хызметлер көрсетиў тараўындағы қосымша бағдарламаларды ислеп шығыў имканиятлары ҳаққында сөз етилди, таныстырыў мәресимлери өткерилди.

Атап айтқанда, «Өзқурылысматериаллары» акционерлик жәмийетиниң баслығы Б.Зарипов кореялы исбилерменлерди жаңа жойбарлар менен таныстырды. Мәлим етиўинше, «Өзқурылысматериаллары» АЖның аймақларда 100 ден аслам кәрханалары жумыс алып бармақта. Мәмлекетимизде ислеп шығарылып атырған қурылыс материалларының 10 проценттен зыяты усы кәрханалардың үлесине туўра келеди.

Форумда «Өзқурылысматериаллары» сантехника үскенелери, керамика-гранит плиталарын ислеп шығарыў бойынша кореялы исбилерменлерди бирге ислесиўге шақырды.

Бизнес-форумға қатнасқан Корея Республикасының «Indexs Global», «Samshin machinery co. ltd», «Duk-In», «Yezi Reflex», «Dongho Cosmo Co.Ltd.» сыяқлы компаниялары мәмлекетимизде жәҳән базарында талап жоқары болған өнимлер ислеп шығарыў бойынша жергиликли компаниялар менен бирге ислесиўге таяр екенин тастыйықлады.

– «Dongho Cosmo Co.Ltd.» компаниясының баслығы Че Ёнг Кимниң таныстырылыўы бизде үлкен қызығыўшылық оятты, – дейди Үшкөпир районы ҳәкиминиң инвестициялар, инновациялар, меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм киши санаат зоналары және туризмди раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары Ж.Алижанов. – Бул компания Өзбекстан менен нәтийжели бирге ислеспекте. Бүгинги ушырасыўларда усы компанияны районымыздағы жергиликли кәрханалар менен бирге ислесиўге шақырдық.

Форум шеңберинде еки тәреплеме саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық келисимлерге қол қойылды.

Малоҳат ҲУСАНОВА,

ӨзАның хабаршысы