Өзбекстан халық артисти Мурат Раджапов ҳәм «Замин нафаси» дөретиўши топары ағзалары Шымбай районы мәденият сарайында жаслар менен ушырасты.
Илажда үгит-нәсият топары ағзалары елимизде жасларға қаратылып атырған айрықша итибар, бос ўақыттан үнемли пайдаланыўда китаптың орны ҳаққында айтып өтти.
Буннан соң мәденият тараўы хызметкерлери Ўатан туйғысы, жаслар турмысын сәўлелендириўши көркем шығармалардан үзиндилер оқып берди.
– Бул ушырасыўларда бүгинги күнниң машқалалары, халқымыздың, әсиресе, жасларымыздың той-мерекелерге, үрп-әдетлеримизге болған мүнәсибетлерин, терроризм, экстремизм сыяқлы қәўипли ағымлар ҳаққындағы түсиниклерин үйрендик, – дейди Өзбекстан халық артисти М.Раджапов. – Жасларымыз мине усы машқалаларды, өзгерислерди өзлерине тез қабыл етип алады. Келешегимиз ийелериниң ҳәр қандай қыйыншылықларға, зыянлы ағымларға, идеяларға қарсылық көрсете алыўын қәлер едим. Ушырасыўларда жасларға усыларды түсинидириўге ҳәрекет еттик.
Ушырасыў даўамында жаслар мийманлардан өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Илаж жуўмағында дөретиўши топар ағзалары тәрепинен жыйналғанларға сахналық көринислер көрсетилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.