Ишки ислер министри, генерал-майор Пулат Бобожоновтың буйрығы тийкарында «Пиядалар тәрепинен әмелге асырылған ҳуқықбузарлықлар бойынша электрон формадағы ҳәкимшилик протоколлар рәсмийлестириў ҳәм ҳәкимшилик жумыс алып барыў тәртиби ҳаққында»ғы инструкция ислеп шығылды. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.

Оған муўапық, жол ҳәрекети тәртип-қағыйдаларына әмел етпей оны бузған пиядалар 2018-жылдың 1-ноябрь күнинен баслап ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылады. Булардың барлығы пуқаралардың қәўипсизлиги ҳәм олардың тынышлығын тәмийинлеў мақсетинде әмелиятқа кең түрде енгизилмекте.

Атап өтилиўинше, усы жылдың өткен 9 айы даўамында пиядалар қатнасыўында 3336 жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берген. Онда 732 адам өмирден мезгилсиз қайтыс болған, 2 мың 754 адам ҳәр қыйлы дене жарақатларын алған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.