Өзбекстан халықаралық ислам академиясында 11-октябрь күни Египет Бас имамы, Ал-Азҳар компелксиниң басшысы шайх Аҳмад Муҳаммад Таййиб басшылығындағы делегация менен ушырасыў болды.

Онда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитети, Өзбекстан мусылманлары  мәкемеси, ислам цивилизациясы орайының жуўаплы хызметкерлери қатнасты.

Президент Шавкат Мирзиёев БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында исламның тийкарғы мәнисин үгит-нәсиятлаўға қаратылған бир қатар усынысларды алға қойды. Бул басламалар ислам илимпазларының өз-ара бирлесиўинде, бирге ислесиўинде оғада үлкен әҳмийетке ийе. Елимизде бул бағдарда бир қатар әмелий қәдемлер тасланбақта.

Ушырасыўда Министрлер Кабинети жанындағы дин ислери бойынша комитети баслығы Ж.Акрамов, Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң баслығы, муфтий У.Алимов, Өзбекстан халықаралық ислам академиясының ректоры Ш. Ёвқочев ҳәм басқалар елимизде ағартыўшылық исламды раўажландырыў, уллы бабаларымыздың динниң пәклигин тәмийинлеўге қосқан үлесин үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў бойынша әмелге асырылып атырған ийгиликли ислер ҳаққында мийманларға мағлыўмат берди.

Египет Бас имамы елимизде ислам дүньясында белгили көплеген илимпазлар, уламалар жетисип шыққанын, бул билимлендириў дәргайының студентлери уллы бабаларымыз жумысларының даўамшысы екенин атап өтти.

Ушырасыўда еллеримиз арасында диний-ағартыўшылық тараўда бирге ислесиўди кеңейтиў, оқытыўшылардың тәжирийбесин арттырыў, кадрлар алмасыўын жолға қойыў бойынша пикир алысылды. Ислам дининдеги әҳмийетли мәселелерди дөгерек сөйлесиўлери, семинарлар ҳәм конференциялар шөлкемлестириў арқалы илимий жақтан таллаў бойынша келисип алынды. Шайх Аҳмад Муҳаммад Таййибқа Өзбекстан халықаралық ислам академиясының ҳүрметли профессоры атағы берилди.

Илажда Өзбекстан халықаралық ислам академиясы менен Ал-Азҳар университети арасында өз-ара бирге ислесиў ҳаққында түсинисиў меморандумына қол қойылды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Н.Йўлдошев пенен сәўбетте Египет Бас имамының Өзбекстанға сапары еллеримиз арасындағы жедел қарым-қатнастың логикалық даўамы сыпатында еллеримиздиң дослық ҳәм исеним руўхындағы байланысларын буннан былай да раўажландырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Пикирлесиўде диний кеңпейиллик, исеним еркинлигин тәмийинлеў, пәк ислам ағартыўшылығын, оның адамгершилик идеяларын дүнья жәмийетшилигине жеткериўде бирге ислесиўди беккемлеў ҳаққында сөз етилди.

Тәреплер Өзбьекстан ҳәм Египет арасындағы дослық ҳәм бирге ислесиў байланысларын буннан былай да беккемлеўге таяр екенин билдирди.

Улуғбек ШОНАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы