Бүгин – 4-октябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында А.С.Пушкинниң қәлемине тийисли болған «Цыганлар» инсценировкасы қарақалпақ тилинде сахналастырылды ҳәм оның премьерасы болып өтти.
Дөретпеде тийкарынан цыганлар қәўими ақсақалының қызы Земфира ҳәм ақсүйек жигит Алеконың муҳаббаты көрсетиледи.
Поэманы қайта тиклеўде ҳәм сахналастырыўда режиссёр Ө.Бектурғанов айрықша мийнет еткен. Художник Т.Шардеметовтың ислеген сүўретлери ҳәм декорациялық қураллары тамашагөйлерге сол дәўир нәпесин беретуғындай етип исленген. Шығармадағы аяқ-ойынлар балетмейстер Е.Есемуратов тәрепинен таярланған.
Бас рольлерден болған Земфира ролин актриса Г.Жапарова ҳәм Алеконың ролин театр актёры Р.Тилемисов шебер атқарып шықты.
Дөретпе тамашагөйлер тәрепинен жақсы күтип алынды.
Мағлыўмат ушын, «Цыганлар» дөретпеси Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында 5-6-октябрь күнлери де тамашагөйлердиң итибарына усынылады.
Султанбек Зияев,
ҚМУ журналистика тәлим бағдарының студенти.