Интернеттеги хабарларға қарағанда, Австралияға ушқан «Qantas»  компаниясының самолётында жарылыў болды.  Самолёт салонында жолаўшының смартфоны жарылып кеткен.

Самолёттың жерге қоныўына еки саат ўақыт қалғанда борттың ишинде күйиктиң ийиси шыға баслайды.

Мәлим болғанындай, жолаўшылар күйген резинканың ийисин сезеди. Жүкти жыйнап атырғанда жолаўшылардың бири смартфонын отырғыштың қасында түсирип алған. Шығаражақ болған ўақытта телефон жарылып кеткен.

«Самолёттағы усы ўақыядан кейин ушыўшы дәрҳәл операторлық орай пенен байланысып, жағдайды сапластырған. Соннан кейин Мельнбурнға сапар даўам етти», – деп билдиреди басылымға хабар бериўши.

Мағлыўматларға қарағанда, самолёттағы өртти еки адам арнаўлы үскенелер жәрдеми менен өшириўге ерискен. Ҳәттеки ўақыяны сол жердеги адамлар видеоға да түсирип алған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги