Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери А.Гуттериш усы жыл 10-июнь күни рәсмий сапар менен елимизде болады.
Сапар даўамында жоқары мәртебели мийман Самарканд қаласының дыққатқа ылайық орынлары менен танысыўы, соң Қарақалпақстанға келиўи күтилмекте. БМШ Бас хаткери Мойнақ районында болып, аймақтың экологиялық жағдайын, халықтың турмыс шараятын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысады. Соның менен бирге, «Корабльлер қойымшылығы»нда болып, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен алдағы режелери, сапар даўамында алған тәсирлери бойынша ортақласады ҳәмде оның БМШ менен биргеликте исленип атырған жойбарлар менен танысыўы, вертолетте Арал теңизи акваториясын көзден өткериўи режелестирилген.
Еслетип өтемиз, 2010-жылы апрель айында БМШтың алдынғы Бас хаткери Пан Ги Мун да Арал теңизине саяхат еткен еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги