НЬЮ-ЙОРК, 19-сентябрь. ӨзАның арнаўлы хабаршысы Анвар САМАДОВ хабар етеди.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың Америка Қурама Штатларына сапары нәтийжели ушырасыўлар ҳәм илажларға бай болмақта.

Шавкат Мирзиёев 19-сентябрь күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйледи. Шығып сөйлеўинде билдирилген идеялар ҳәм басламалар жыйналғанларда үлкен қызығыўшылық оятты.

БМШтың Нью-Йорк қаласындағы бас резиденциясында Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссары Заид Раад ал-Хусайн менен ушырасыўы болып өтти.

Президентимиз Өзбекистан пуқаралық жәмийетин буннан былай да раўажландырыўдың, ҳақықый демократиялық ҳуқықый мәмлекет қурыўдың қатаң тәрепдары екенин атап өтти.

Шавкат Мирзиёев 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын буннан былай да раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде әмелге асырылып атырған кең көлемли өзгерислерди қоллап-қуўатлап атырғаны ушын Жоқары комиссарға миннетдаршылық билдирди.

Жоқары комиссар Өзбекистанда әмелге асырылып атырған реформаларды қоллап-қуўатлайтуғынын тағы бир мәрте дәлилледи және 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын буннан былай да раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы кең көлемли жаңаланыўлар ушын беккем тийкар болып атырғанын атап өтти.

Зайд Раад ал-Хусайн елимиз ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссар басқармасы (ИҲЖКБ) арасындағы әмелий ҳәм ашық сөйлесиўди кеңейтиўге ҳәм беккемлеўге жаңа пәт бағышлаған 2017-жыл май айында Өзбекистанға әмелге асырған сапарының жуўмақларын жоқары баҳалады. Июнь айында парламент Басқарма менен бирге ислесиў бойынша 90нан аслам илаждан ибарат ҳәрекетлердиң режесин қабыл етти. ИҲЖКБның Бишкектеги регионаллық офиси менен белсенди бирге ислесиў раўажланбақта. Сентябрь айының басында бул офистиң басшысы Өзбекистанда болды. Сентябрь айының ақырында  БМШтың дин ҳәм исеним еркинлиги мәселеси бойынша арнаўлы баянатшысы А.Шаҳидтың Өзбекистанға сапар етиўи режелестирилген.

Зайд Раад ал-Хусайн Шавкат Мирзиёевқа 2017-жыл 10-11-ноябрь күнлери Самарқандта өтетуғын Орайлық Азияда қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўдың әҳмийетли машқалалары бойынша халықаралық әнжуманға қатнасыўға мирәт еткени ушын миннетдаршылық билдирди және Өзбекистан Республикасы менен инсан ҳуқықлары мәселеси бойынша әмелий бирге ислесиўди даўам еттириўге таяр екенин билдирди.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев өзи ушын ажыратылған резиденцияда Халықаралық валюта қорының бийлик бериўши директоры Кристин Лагардты қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы бул ушырасыўдан кеўли толғанын билдирип, Халықаралық валюта қоры жәҳән экономикасындағы жағдайдың жақсыланыўында әҳмийетли орын ийелеп атырғанын атап өтти.

Қор елимизде әмелге асырылып атырған экономикалық реформаларды қоллап-қуўатламақта. Быйыл май айында Өзбекистан делегациясы Халықаралық валюта қорында валюта сиясатын реформалаў бойынша ушырасыў өткерди. Июль ҳәм сентябрь айларында Қордың экспертлери Өзбекистанға келип, министрлик ҳәм ведомстволарда экономикалық реформалар бойынша пикир алысты.

Қордың бийлик бериўши директоры 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық экономикалық ҳәм структуралық реформалар табыслы әмелге асырылып атырғаны менен мәмлекетимиз басшысын қутлықлады.

Президентимиздиң 2017-жыл 2-сентябрьдеги «Валюта сиясатын либералластырыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳақында»ғы пәрманына муўапық валюта айланысында базар механизмлери енгизилгени тараўдағы ҳәкимшилик тосқынлықларды сапластырды, бизнес ўәкиллери ушын теңдей шараятлар жаратты.

Кристин Лагард Шавкат Мирзиёевтың басшылығында Өзбекистанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар процесинде экономикалық ҳәм социаллық турмыстың турақлылығын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылып атырғаны дыққатқа ылайық екенин атап өтти.

Ушырасыўда валюта реформасы процесинде мәмлекетлик уйымларды ҳәм коммерциялық банклерди қоллап-қуўатлаў, саўдадағы тарифлерди азайтыў, социаллық қорғаўға мүтәж халықты қорғаў бойынша әмелге асырылған жумыслар туўралы сөз болды. Мәмлекетлик бюджетти профицит пенен орынлаў, салық ҳәкимшилиги ҳәм мәмлекетлик статистика саласын түп-тийкарынан жақсылаў, банк системасының турақлылығын тәмийинлеў, сыртқы саўда сиясатын еркинлестириў сыяқлы гезектеги ўазыйпаларға итибар қаратылды.

Өзбекистан менен Халықаралық валюта қорының бирге ислесиўин кеңейтиў, елимизде исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталығын жетилистириў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Кристин Лагард  Халықаралық валюта қоры техникалық көмеклесиў ҳәм экономикалық сиясат мәселелери бойынша усыныслар бериў арқалы Өзбекистанның қаржы системасында әмелге асырылып атырған илажларды қоллап-қуўатлаўға таяр екенин билдирди.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев АҚШтың жетекши компанияларының басшыларын қабыл етти. Ушырасыўда Америка – Өзбекистан саўда палатасының баслығы Кэролин Лэмм, «Женерал Электрик» компаниясының Президенти Рон Полетт, «Ханивелл» компаниясының президенти ҳәм атқарыўшы директоры Ражив Гаутам, «СиЭнЭйч Индастриал» компаниясы вице-президенти Стивен Надерни, «Дир энд Компани» компаниясының президенти Жеймс Филд қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы исбилерменлерди шын жүректен қутлықлап, Өзбекистан менен Америка Қурама Штатлары арасында саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў раўажланып атырғанын, Америка –Өзбекистан саўда палатасы қоспа жойбарларды қоллап-қуўатлаўдың және әмелге асырыўдың әҳмийетли механизмине айланғанын атап өтти.

Шавкат Мирзиёев Кэролин Лэмм менен сәўбетлесиўде 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық елимизде Ҳәкимшилик реформалар концепциясы қабыл етилгенин билдирди. Бул ҳүжжет мәмлекетлик басқарыўдың жаңа, нәтийжели ҳәм сапалы жумыс алып барыўшы системасын жаратыў, мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларның сәйкес жумысын шөлкемлестириўге хызмет етеди.

Елимизде валюта саласында базар механизмлери енгизилгени, саўдадағы түрли тосқынлықлар алып тасланғаны, исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталық буннан былай да жақсыланып атырғаны айрықша атап өтилди.

Рон Полетт пенен сөйлесиўде Өзбекистан менен «Женерал Электрик» компаниясы арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, атап айтқанда, 2018-2025-жылларда Өзбекистан газ транспорты системасын техникалық жаңалаў, модернизациялаў ҳәм раўажландырыў бағдарламасын әмелге асырыў усыныс етилди. Елимизде гидроэлектр станцияларын қурыў, заманагөй медицина үскенелерин ҳәм жақтыландырыў қурылмаларын ислеп шығыўды жолға қойыў мәселелери додаланды.

Стивен Надерни менен сәўбетте «СиЭнЭйч Индастриал» компаниясы менен биргеликте Өзбекистанда жыйым-терим, мелиорация ҳәм жол қурылысында қолланылатуғын, газ бенен ислейтуғын заманагөй аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыўды шөлкемлестириў мәселелери дыққат орайында болды.

«Ханивелл» компаниясының президенти ҳәм атқарыўшы директоры Ражив Гаутам менен сәўбетлесиўде өз-ара биргеликте нефть-химия ҳәм энергетика салаларында жоқары технологиялы қоспа жойбарларды әмелге асырыў, авиация үскенелерин жеткерип бериў бағдарында пикир алысылды.

Жеймс Филд пенен сөйлесиў ўақтында «Дир энд Компани» компаниясы менен байланысларды жаңа басқышқа көтериў мәселелери додаланды. Атап айтқанда, елимизде мийўе-овощ ҳәм жүзимшиликте қолланылатуғын трактор ҳәм арнаўлы техника қуралларын ислеп шығарыў, олардың аўысық бөлеклерин таярлаўды жергиликлилестириў, тараўға қәнигелескен тренинг орайын шөлкемлестириў бойынша усыныслар көрип шығылды.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев 20-сентябрь күни болып өтетуғын Өзбекистан – АҚШ бинзес-форумы еки мәмлекет исбилермен шеңберлери арасындағы байланысларды буннан былай да беккемлеўде, перспективалы қоспа жойбарларды додалаў ҳәм өз-ара пайдалы келисимлерге ерисиўде үлкен ўақыя болатуғынын атап өтти.

Америка – Өзбекистан саўда палатасының ўәкиллери Өзбекистан менен биргеликте қоспа бағдарламаларды ҳәм жойбарларды әмелге асырыўда белсене қатнасыўға таяр екенин тастыйықлады.

Бирлескен Миллетлер Шөлкемине Өзбекистан Республикасының саўғасы – Регистан майданының макети тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген мәресимге Президентимиз Шавкат Мирзиёев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Илажда БМШ Бас хаткериниң орынбасары Жен Бигл, Бас Ассамблея сесиясына келген дипломатлар, БМШ мәлимлеме орайының хызметкерлери қатнасты.

Адамзат цивилизациясының бесиклеринен бири болған елимизде илим, мәденият, саўда, архитектура, өнерментшилик әзелден раўажланған. Уллы Жипек жолының орайында жайласқан Самарқантда түрли үлкелерден келген инсанлар татыў жасаған. Регистан болса әне усындай әййемги ҳәм улыўма инсаният раўажланған қаланың бийтәкирар нышанына айланған. Комплекс 2001-жылы ЮНЕСКОның Жәҳән мийрасы дизимине киргизилген.

Регистан бүгинги күнде де дүнья туристлерин өзине тартпақта. Бул жерде өткерилетуғын «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалы оның абыройын ҳәм халықаралық музыка фестивалы оның даңқын ҳәм халықлар дослығындағы әҳмийетин және де арттырмақта.

Регистан майданының макети елимиздиң қолы гүл уста өнерментлери тәрепинен жасалған болып қымбат баҳалы металл ҳәм гөззал миллий нағыслар менен безелген.

Өзбекистанның мирәтнамасы болған бул экспонаттың БМШ штаб-квартирасының ең тығыз орынларынан бирине, БМШ Қўипсизлик кеңеси ҳәм Бас Ассамблея заллары ортасындағы фойеге орнатылғанында өзине тән терең символикалық мәни бар, деди мәмлекетимиз басшысы.

БМШ Бас хаткериниң орынбасары Жен Бигл усындай сулыў ҳәм терең мазмунға ийе саўға ушын Президентимизге терең миннетдаршылық билдирди.

Мәресим БМШ каналлары арқалы эфирге берилди.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев өмирлик жолдасы менен Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трамп тәрепинен шөлкемлестирилген рәсмий қабыллаў мәресимине қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысының АҚШқа сапары даўам етпекте.

ӨзА