2018-жылдың өткен дәўиринде «Zelich oil gaz» метан қуйыў шақапшасында автотранспорт қуралларына газ қуйылғанынан соң жүз берген усы сыяқлы ҳәдийселердиң саны 2 ди қурайды. Бүгинги жағдай үшиншиси болып табылады. Бул ҳаққында Бухара ўәлаяты ИИБ Kun.uz’ға хабар берди.
Атап айтқанда, (биринши жағдай) 2018-жылдың 2-февраль күни саат 22:50 де Когон районы Янги ҳаёт МПЖ Әмирабад массивинде жайласқан усы газ қуйыў шақапшасынан шығыў орнында Когон қаласы С.Айний көшесинде жасайтуғын, 1988-жылы туўылған, «Чорбоғ Омега Плюс» ЖШЖ шофёры Бекзод Арабов басқарыўындағы усы ЖШЖға тийисли болған «Матиз» маркалы автомашинаға орнатылған метан газ баллоны атылып кеткен.
Буның ақыбетинде автомашина салонында болған шофёр Б.Арабов ҳәм сол мәнзилде жасайтуғын оның өмирлик жолдасы, 1992-жылы туўылған, ўақытша жумыссыз Юлдуз Худойқулова аўыр жарақат алып, ўақыя жүз берген жерде қайтыс болған.
Бул ҳалат бойынша Өзбекстан Республикасы ЖКның 259-статьясы 2-бөлиминиң «а» бәнти тийкарында жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылған.
Сондай-ақ, (екинши жағдай) 2018-жылдың 26-август күни саат 09:05 те Когон қаласы Мәденият көшесинде жасайтуғын, 1963-жылы туўылған жеке тәртипте ислейтуғын Рустам Каримов 2005-жылы ислеп шығарылған «Нексия» маркалы автомашинасына орнатылған 100 литр көлемдеги метан газ баллонына 190 атмосфера басымы менен суйылтылған газ қуйып, отыз километрге шамалас жол жүрп, автомашинаны өзи жасайтуғын үйиниң алдына алып келип қойғаннан соң («Шуҳрат Шербек Замон Сервис» кәрханасы тәрепинен 14.11.2016 жылы орнатылған СНГ-1 модели, ҒЕ 0531184 санлы, 2019-жылдың ноябрь айына шекем техникалық тексериўден өткерилген метан газ баллоны) автомашина газ баллоны атылып кеткен.
Бул жағдайда ҳеш ким жарақат алмаған. Ҳәзирги ўақытта тергеў алды сорастырыў жумыслары даўам етпекте. Дәслепки сорастырыў ислери бойынша қосымша мағлыўматлар бериледи.
Еслетип өтемиз, бүгин саат азанғы саат 08:30 ларда Бухара ўәлаяты Когон районы аймағынан өтиўши Бухара-Қоровулбозор магистраль жолында ишинде 26 жолаўшысы болған автобустың жол-транспорт ҳәдийсесине ушыраўы ҳәм газ баллонының атылып кетиўи ақыбетинде 4 адам ўақыя жүз берген жерде, 1 адам болса емлеўханада көз жумған.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.