Қазақстан профессионал бокс федерациясы Сауль Альварес Канелоның допинг қабыллағаны ҳаққындағы хабарларды бийкарламақта, деп хабар бермекте ҚазАқпарат.

Май айында үшинши жекпе-жек өткериў ҳаққында да ҳеш қандай келисим болмаған.

– Канелоның екинши мәрте допинг қабыллағаны ҳаққындағы хабарлар тийкарсыз. Бундай мағлыўмат ҳеш жерде жәрияланбады. Май айында үшинши жекпе-жек өткериў ҳаққындағы хабарлар да тастыйықланбаған. Бул ҳаққында «Golden Boy» промоутерлери менен Головкинниң промоутери Том Леффлер рәсмий түрде хабар бериўи керек. Егер олар бул ҳаққында сөйлескенинде, бизге хабар жетип келген болар еди. Ҳәзирше ҳеш қандай хабар жоқ. Үшинши жекпе-жек ҳаққында ҳеш ким ҳеш қандай келисимге ерискени жоқ, – дейди Қазақстан профессионал бокс федерациясы вице-президенти Виктор Демьяненко.

Оның айтыўынша, соққыларды есапқа алатуғын компьютер қурылмасының есабы рәсмий мағлыўмат болып есапланбайды.

– Бул сапары Головкин ақырына шекем гүреспеди. Оның бундай боксласыўы төрешилердиң Канелоның пайдасына шешим қабыллаўына жеткиликли болды. Ал компьютер қурылмасының есабы рәсмий мағлыўмат бола алмайды. Жекпе-жекти бақлап отырған төрешилер ҳәр бир раундты жақсы баҳалады. Буны енди ҳеш ким өзгерте алмайды, – деп айтып өткен Демьяненко.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.