UzCard онлайн системасының жумыс процеси тикленди. Бул ҳаққында компания хабарында жазылған, деп хабар бермекте Kun.uz сайты.
Атап өтилиўинше, системадағы насазлық анықланғанынан соң қәнигелер тәрепинен оларды сапластырыў, процессинг орайы жумысын тиклеў ҳәм карточка мағлыўматларының сақланып қалыныўын тәмийинлеў бойынша тийисли илажлар көрилген, сондай-ақ, жүз берген ҳәдийсе тексериўден өткерилген.
Системаны тиклеў жумысларына бирнеше қәниге-бирге ислесиўшилер де тартылды. Нәтийжеде барлық техникалық ҳәм бағдарламалық насазлықлар сапластырылды. Ҳәзирги ўақытта UzCard системасы хызметиниң толық тиклениўин тәмийинлеў бойынша толық процести басқышпа-басқыш тиклеў жумыслары алып барылмақта. Системадағы насазлықлардың себебин анықлаў мақсетинде бағдарламалық тәмийнат толық жазыўлары алынды және бағдарламалық тәмийнат пенен сервер қурылмалары ислеп шығарыўшыларын техникалық қоллап-қуўатлаў хызметине жиберилди. Системаның толық ислеўин тиклеў ҳәм себеплерин анықлаў жумыслары жуўмақланғаннан соң, Орай насазлық себеплери ҳаққында толық мағлыўмат береди.
Компания карта ийелеринен, исбилерменлерден ҳәм бирге ислесиўшилерден кеширим сораған. Сондай-ақ, компания адамларда жүзеге келген наразылықларды түсиниўи ҳәм мәселениң әҳмийетин және жуўапкершилигин терең түсинген ҳалда халықтан жүзеге келген жағдайды түсинип қабыл етиўин сораған.
UzCard келеси ўақытларда бундай жағдайлардың қайталанбаўы ушын барлық илажларды әмелге асырыўын билдирген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги