Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси тәрепинен балалардың жазғы дем алысын ҳәм саўалландырылыўын шөлкемлестириўшилердиң әнжуманы өткерилди.

Оған Балалардың дем алысын ҳәм саўалландырыўды шөлкемлестириў бойынша Қарақалпақстан  Республикалық Муўапықластырыўшы топары ағзалары, тийисли министрликлер, мәкемелер ҳәм шөлкемлериниң ўәкиллери,  балалар дем алыс орайларының басшылары ҳәм хызметкерлери қатнасты.

Әнжуманда Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң баслығы У.Жалменов әмелге асырылған жумыслар туўралы мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, республикамыз аймағында 2018-жылдың жаз мәўсиминде жәми  27 балалар дем алыс орайларында 11 мыңнан аслам баланың дем алысы шөлкемлестирилди. Соннан,  3478 бала  қаладан тысқарыдағы стационар түрдеги (соннан, 3050 бала кәсиплик аўқамлары есабынан), 7885 бала 22 күндизги дем алыс орайларында саўалландырылды.

Кәрхана, шөлкем ҳәм фермер хожалықлары жанында шөлкемлестирилген 10 «Мийнет ҳәм дем алыс» орайында 275 колледж оқыўшыларының әмелият өтеўи менен бирге мазмунлы дем алыўы шөлкемлестирилди, 1 «Тәрбия ҳәм спорт саўалландырыў орайы»нда 85 бала дем алды.

Елликқала районындағы «Арал балалары» дем алыс орайында «Жас дөретиўшилер клубы» шөлкемлестирилди ҳәм онда Ибрайым Юсупов атындағы мәмлекетлик қәнигелестирилген мектеп-интернатынан 75 оқыўшы мазмунлы дем алды.

Әнжуманда жазғы мәўсимде балалардың дем алыўын шөлкемлестириў ҳәм өткериўде белсендилик көрсеткен бир топар хызметкерлер  ҳәм мәўсим даўамында жумысты жақсы алып барған балалар дем алыс орайлары,  Балалардың дем алысын ҳәм саўалландырыўды шөлкемлестириў бойынша Қарақалпақстан  Республикалық Муўапықластырыўшы топары ҳәм тийисли министрликлер, мәкемелер ҳәм шөлкемлер тәрепинен  хошаметленди.

Атап айтқанда, Тақыятас районындағы «Айдын жол»  балалар дем алыс орайы «Ең үлгили стационар балалар дем алыс орайы», Шымбай районындағы Қызылөзек аўыл хожалық колледжинде шөлкемлестирилген   «Жаслық» кундизги балалар дем алыс орайы «Ең үлгили күндизги балалар дем алыс орайы», Елликқала районындағы Бостон социал-экономикалық кəсип-өнер колледжи жанында шөлкемлестирилген мийнет ҳәм дем алыс орайы «Ең үлгили мийнет ҳəм дем алыс орайы» номинациясы бойынша сыйлықланды. Сондай-ақ, «Ең жақсы балалар дем алыс орайы баслығы», «Ең жақсы жуўаплы  шөлкемлестириўши», «Ең жанкүйер ҳәким», «Ең ғамхор тәрбияшы» ҳәм басқа да номинациялар бойынша жеңимпазлар сыйлықланды.

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик ғарезсизлигиниң 27 жыллық байрамы мүнәсибети менен кәсиплик аўқамлары белсендилерине Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң «Ҳүрмет жарлық»лары тапсырылды.

Илажда көркем өнер шеберлери ҳәм балалардың атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.