Кейинги жылларда елимизде транспорт инфраструктурасын модернизациялаў, теникалық ҳәм технологиялық жақтан раўажландырыў, транзит жүк тасыў көлемин арттырыўға қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Ҳәммемизге белгили, транспорт инфраструктурасы экономиканың тийкарғы буўынларынан бири болып есапланады. Усы тармақты буннан былай да раўажландырыў мақсетинде «2015-2019-жыллары инженерлик-коммуникация ҳәм жол-транспорт инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм модернизациялаў бағдарламасы» қабыл етилди. Онда миллий транспорт тармағын раўажландырыў тараўында халықаралық талапларға ҳәм стандартларға жуўап беретуғын бир тутас комплексли стратегияны ислеп шығыў ҳәм жергиликли ислеп шығарыўшылардың өнимлерин аймақлық ҳәм жәҳән базарына алып шығыўды есапқа алған ҳалда, усы стратегияны халықаралық транспорт системасына кеңнен интеграциялаўды тәмийинлеў нәзерде тутылған.
Бағдарламада транспорт инфраструктурасын ҳәм транзит жолларын раўажландырыў, жаңа автомобиль ҳәм темир жолларын, авиақатнаўларды ашыў арқалы барлық транспорт түрлериниң өз-ара бирге ислесиўин күшейтиўге айрықша итибар қаратылған.
Бизге белгили, Орайлық Азия регионының транспорт-транзит потенциалы оның тарийхый Шығыс ҳәм Батысты, Арқа ҳәм Қубланы байланыстырыўшы көпир ўазыйпасын атқарған Уллы жипек жолының орайындағы геостратегиялық жайласыўы менен белгиленеди. Ири халықаралық базарларды өз-ара бирлестиретуғын ең қысқа жөнелислер мине усы регион арқалы өткен.
Орайлық Азияда қосымша жүк тасыў ағымларын тартыў имканиятын беретуғын жаңа транспорт ҳәм транзит жолларын қәлиплестириў, транспорт ҳәм логистика тараўында кадрлар таярлаў бойынша сырт ел тәжирийбесин үйренип, халықаралық логистика орайларының тармағын жаратыў, регионның транспорт-логистика потенциалын раўажландырыў ушын сыр еллердиң портларынан нәтийжели пайдаланыў усылларын қәлиплестириў, Орайлық Азияда Қубла ҳәм Қубла-Шығыс Азия, Европа, Жақын ҳәм Орта Шығыс еллерин бирлестиретуғын әҳмийетли транзит жол болып хызмет ететуғын бирден-бир интеграцияласқан хабты жаратыў мәселелери регионымыз ушын глобал әҳмийетке ийе.
Бул Өзбекстанға Азия-Тыныш океанының регионы ҳәм Қытайдан Ҳинд океаны портлары, (Пакистан, Ҳиндстан)на, Европа Аўқамы, Россия, Кавказдан Ҳинд океанының портлары (Пакистан, Ҳиндстан)на шығыў бағдарлары бойынша халықаралық транзит жүк тасыўда қатнасыў, Өзбекстан-Түркменстан-Иран-Оман жаңа транспорт жолын жаратыў, сондай-ақ, Орайлық Азия еллериниң жаңа перспективалы жойбарларын әмелге асырыў, Орайлық Азия еллериниң аймақлары бойлап транзит жүк тасыўға болған бирден-бир тарифлерди қолланыў мәселесин көрип шығыў бойынша ис-ҳәрекетлерин бирлестириў имканиятын береди.
Өзбекстан-Қырғызстан-Қытай темир жолының қурылысы мәселеси де көрип шығылып атырғанын атап өтиў керек. бул жойбар ШБШ мәканы ушын глобал әҳмийетке ийе. Оның әмелге асырылыўы жойбар қатнасыўшылары ҳәм Орайлық Азияның басқа да барлық мәмлекетлери ҳәм Қытай арасындағы саўда-экономикалық қатнасықларды кеңейтиў имканиятын береди. Бул темир жолы Қытайдан Қырғызстан ҳәм Өзбекстан арқалы Шығыс Европа ҳәм Жақын Шығыс еллерине жүк тасыў имканиятын жаратыў арқалы Қытай жүклерин Европа еллерине жеткеретуғын ең қысқа жоллардан бирине айланады ҳәм пүткил Орайлық Азия транспорт-логистика инфраструктурасын раўажландырыўға хызмет етеди.
Жуўмақ орнында соны атап өтиў керек, транспорт-транзит потенциалын буннан былай да раўажландырыў мақсетинде жоқарыда атап өтилген зәрүр шараятларды жаратыў транспорт системасының өткериўшеңлик қәбилетин арттырыў, Өзбекстан аймағынан өтиў ушын бар тосқынлықларды сапластырыў имканиятын береди. Бул болса, өз гезегинде, Орайлық Азияда транспорт жолларын раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе.
Өзбекстан Республикасы
Экономика министрлиги
Мәлимлеме хызмети