Пуқаралар зәрүрлик болған жағдайда нақ пул ушын хызмет көрсетиўши банклерге мүрәжат етиўи мүмкин. Буның ушын ҳәзирше карта ашылған банк филиалларына барыў керек (терминаллар хызмети тикленгеннен кейин ҳәр қандай банктиң қәлеген филиалына мүрәжат етиўге болады). Орайлық банк тәрепинен коммерциялық банклер менен биргеликте мәмлекеттиң барлық аймақларындағы филиалларды нақ пул менен тәмийинлеў бойынша жумыс алып барылды, деп хабар берилген Орайлық банктиң баспасөз хызмети тарқатқан хабарда.
Демек, нақ пулдан қыйналып атырған болсаңыз, бирақ пластик картаңызда пул бар болса, пластик карта ашылған банклерге барып нақ пул алыўыңыз мүмкин.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.