Дүньяда көплеген қызық ҳәм әжептәўир ўақыялар, ҳәдийселер болып турады. Соның менен бир катарда, түрли таң қаларлық рекордлар да бар. Төменде олардың бир нешеўи менен танысыўыңыз мүмкин.

Бүгинги күнге шекем жер бетине қулаған ең үлкен метеориттиң узынлығы 3 метр, аўырлығы болса 30 тонна болған.

Стив Жобс «Пихар»ды 10 миллион долларға сатып алып, «Дисней» компаниясына 7,5 миллиард долларға сатып жиберген.

Дүньядағы ең узын мультсериал «Симпсонлар» 28 жылдан бери даўам етпекте. Қызық жери сонда 2000-жылы 11-мәўсим 17-сериясында Трамп АҚШ Президенти сыпатында көрсетилген. 2017-жылға келип бул әмелге асты.

Ең қымбат реклама «Pepsi» компаниясына тийисли, усы компания өнимин реклама еткен поп жулдызы Бритни Спирске 7,53 миллион доллар төлеген.

Жекки Чан анасының қарнында 12 ай жатқан. Ал, туўылғанда оның салмағы 5,5 кг болған.

Жынаятшының жынаятын мойнына қойыўда бармақ излеринен пайдаланыў усылы дүньяда биринши болып 1902-жылы Данияда пайда болған.

«Титаник» кемесин қурыўға 7 миллион доллар жумсалған, ал, бул ҳаққындағы белгили фильмге болса 200 миллион доллар каржы жумсалған.

Бүгинги күнге шекем ҳеш қашан жаўын жаўғаны белгилеп өтилмеген жерлерден бири Чилидеги Атакама шөли болып есапланады.

Дүньядағы ең биринши компьютер 30 тоннаны қураған ҳәм 18 мың электрон трубадан ибарат болған.

«Windows»та «Con» аты менен папка ашып болмайды. Себеби бул сөз Windows тийкаршысы Бил Гейтстиң бала ўақтындағы лақабы болған.

Дүньядағы ең узын адамлар Голландиялылар болып есапланады. Википедияға бола олардың орташа узынлығы 183,2 сантиметр.

Адамның мийи 50 жасқа шекем раўажланады.

Ҳәзирги 1 секундлы Интернет трафиги 1991-жылдың 1 жыллық трафигине тең болып есапланады.

Ерте заманларда россиялылар мерўертти тазалаў ушын дәслеп оны таўыққа жуттырған. Кейин таўықты сойып асқазанынан тазаланған мерўертти алған.

Жер бетинде дүньядан өткеннен соң ең көп пул ислеп тапқан адам бул – Майкл Жексон. Яғный 2 миллиард доллар ислеп тапқан. Оның музыка альбомлары елеге шекем рекорд дәрежеде сатылады.

Плутон планеталар ишинде ең кишкенеси болып, оның бети толық муз бенен қапланған. Ең қызығы сонда бул муз жердегиден пүткиллей өзгешеленип, темирден де қатты екен.

Германияның «Фуггерей» қаласында ижара ҳақы 1520-жылдан бери өзгермеген. Тек ғана 88 цент пенен бул жерде бир жыл жасайсыз.

 

Интернет сайтлары тийкарында таярлаған,

 Нурлыбек ЖАМАЛОВ