Мәмлекетимиз халқын ҳәм экономика тармақларын бәсеки ҳәм базар механизмлерин енгизиў тийкарында дән, ун ҳәм нан менен исенимли тәмийинлеў илажлары ҳаққындағы Ҳүкиметлик қарар қабыл етилди, деп хабар бермекте «Ҳуқықый ахборот» мәлимлеме агентлиги.
Қарарға муўапық, 2018-жыл 15-сентябрьден бир килограмм 1-сорт бийдай унының көтере сатыў баҳасы 1400 сум етип белгиленди.
Қәлипли («буханка») нан еркин базар баҳасы бойынша (ҳәзирги күнде баҳа мәмлекет тәрепинен тәртипке салынған) сатылады. Бунда халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларына 2018-жыл 1-октябрьден баслап ун ҳәм қәлипли нан алыў бойынша қосымша қәрежетлерди қаплаў ушын ең кем айлық мийнет ҳақының 10 проценти (18 400) муғдарында конпенсация төлеми төленеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги