Урал мәмлекетлик экономика университетинде кимлер оқыйды? Бул сораў ҳәзирги ўақытта тест сынақларына қатнасып атырған ҳәр бир абитуриентти ҳәм олардың ата-анасын да ойландырмақта.
Бүгин Ташкент мәмлекетлик экономика университети ҳәм Урал мәмлекетлик экономика университети менен биргеликте қоспа билимлендириў бағдарламасы тийкарында бакалавриат басқышына ҳүжжетлер тапсырған абитуриентлер ушын тест сынақлары басланды.
2018/2019 оқыў жылы ушын еки университет арасындағы қоспа билимлендириў бағдарламасына муўапық, экономика (корпоративлик экономика ҳәм бизнести басқарыў), экономика (экономика ҳәм бизнести басқарыў), менеджмент (киши бизнести басқарыў), саўда иси (халықаралық коммерция) тәлим бағдарлары бойынша 125 абитуриент студент болыў бахтына ерисиўи мүмкин.
Бир жүз жигирма бес орынға мыңға шамалас жигит-қыз талабан болмақта.
Оқыў тек ғана рус тилинде болады. Тест тапсырыў процесслери де рус тилинде шөлкемлестирилди.
Тест имтиханынан өткенлер усы жылдың 1-октябринен баслап Ташкент мәмлекетлик экономика университетинде күндизги тәризде төрт жыл оқыйды. Тест сынақлары да рус тилинде Урал мәмлекетлик экономика университетиниң қәнигелери тәрепинен таярланған. Процесс те олардың бақлаўы астында болып өтпекте.
Бакалавр басқышын тамамлаған студентлер еки университет дипломына ийе болады.
Б.МЕЛИҚУЛОВА, ӨзА