Усы жыл 20-август күни «Европа халық партиясы»ның Германиядағы фракциясы  ағзаларынан дүзилген топар Ташкент қаласына келген еди. Олар 27-августқа шекем елимизде болып орынларға шығып, елимиздиң дыққатқа ылайық орынларына саяхат етип. жумыс алып барыўды режелестирген.

Усы топар ағзалары 22-августта республикамызға келди. Оларды Нөкис халықаралық аэропортында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы Қ.Сариев күтип алды.

Делегация ағзалары өзлериниң саяхатын алыс районларымыздың бири болған Мойнақ районынан баслады.

Олар район ҳәкими С.Данияровтың басшылығында жаңадан ашылған Мойнақ экологиялық музейине ҳәм райондағы басқа да дыққатқа ылайық орынларға саяхат етип, районда әмелге асырылып атырған қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары менен танысты. Арал теңизиниң қурыған ултанын көрип, теңиздиң қурыўы себепли келип шығып атырған машқалаларды сапластырыў, экологиялық апатшылықтың ақыбетлерин жеңиллетиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.

Район халқының турмысы, тарийхы бойынша мағлыўматларға ийе болды.

– Мен Нөкис қаласындағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи туўралы көп еситкен едим. Интернеттен де көрдим. Шынында да бул музей көплеген экспонатларды өзинде жәмлеўи, олардың өзине тән өзгешелиги менен өзине тартады. Қарақалпақстанға келип Арал теңизи бойынша көплеген мағлыўматқа ийе болдым. Бизлердиң келиўимиз еллер арасындағы туризмниң раўажланыўына хызмет етеди, деп исенемен,-дейди саяхатшылардың бири Дорис Пак.

Делегация ағзалары И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейине, Миздакхан қаласына, Аяз қала қорғанына барып, республикамыздағы тарийхый естеликлер менен танысты.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.