Жаңа оқыў жылының басланыўына да санаўлы күнлер қалды. 2018-2019 оқыў жылында ата-аналар, оқыўшылар ҳәм халыққа оқыў қураллары ҳәм зәрүрли үскенелерди сатып алыў ушын қолайлықлар жаратыў мақсетинде усы жыл 10-август сәнесинен 10-сентябрь күнлери аралығында республикамыздағы 70 улыўма орта билим бериў мектебинде «Мектеп ярмаркасы» шөлкемлестирилди.

Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў минисрлиги хабар бермекте.

Мектеп ярмаркасын шөлкемлестирилетуғын орынлардың дислокациялары ислеп шығылып, ярмарка ушын бөлмелер ажыратылған ҳәм мебель үскенелери менен тәмийинленген.

Сондай-ақ, қалалық ҳәм районлық халық билимлендириў бөлимлери қарамағындағы билимлендириў мәкемелеринде билим алып атырған оқыўшылардың оқыў қуралларына, мектеп формасына ҳәм аяқ кийимлерге болған зәрүрликлери анықланып, район (қала) кесиминде бөлистириўлер исленип шығылды.

Улыўма орта билим бериў мектеплерине «Мектеп ярмаркалары»на сатыўға шығарылған 26 атамадағы мәжбүрий мектеп қуралларының дизими берилип, саўда шөлкемлери тәрепинен бул оқыў қураллары менен тәмийинлеў жумыслары алып барылмақта.

Мағлыўмат орнында соны да келтирип өтпекшимиз, «Мектеп ярмаркасы» пайтахтымыздағы 14-25-30-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде шөлкемлестирилген.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги