Усы жыл 16-август күни  Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қурбан ҳайытын белгилеў ҳаққында»ғы  пәрманы қабыл етилди.

Қурбан ҳайыт байрамы – халқымыздың руўхый турмысында айрықша орын ийелейтуғын, муқаддес ислам дининиң ийгиликли идеяларын айқын сәўлелендиретуғын, жәмийетимизде адамгершилик, өз-ара ҳүрмет, мийрим-шәпәәт, сақаўат ҳәм шүкираналық сезимлерин күшейтиў, жасларымызда жақсы пазыйлетлерди жетилистириў байрамы есапланады.

Байрам мүнәсибети менен Нөкис қаласындағы ҳәм республикамыздың барлық районларындағы жомъе мешитлеринде ҳайыт намазы оқылады.

Биз Нөкис қаласы  «Имам ийшан Муҳаммад» жомъе мешитиниң имам-хатиби Баҳраматдин Разов пенен Қурбан ҳайыт байрамының мазмун – мәниси ҳаққындағы пикири менен ортақластық:

– Елимиз өз ғәрезсизлигине ерискеннен соң, бир қанша жетискенликлер, алға илгерилеўлер ҳәм раўажланыўлар көзге тасланды. Солардың қатарында диний тараўда да көз қуўанарлық дәрежеде өзгерислер болды. Бир қанша зыярат етиў орынлары абаданластырылып, мешитлер қурылып, халқымыз емин-еркин ибадат етпекте. Жоқары ҳәм орта арнаўлы ислам билим журтлары ашылып, жасларымыз диний ҳәм дүньялық билимлерди ийелемекте.

Муқаддес ислам динимизде еки уллы байрам, Рамазан ҳәм Қурбан ҳайыты байрамы кең түрде белгиленип келинбекте. Қурбан ҳайыт байрамын халқымыз үш күн даўамында байрамлап, бул күнлери қурбы жеткен мусылманлар қурбанлық ибадатын етеди. Қурбанлық дегени уламаларымыздың тәрийплеўлерине бола ҳайўанды, белгили ўақытта сойыў дегенди аңлатады.

Қурбанлық етилетуғын ўақыт ҳайыт күни, ҳайыт намазынан соң басланады ҳәм үшинши ҳайыт күниндеги қуяштың батыўы менен тамамланады. Қурбанлықка аталған ҳайўан ҳайыт намазын оқып болғаннан кейин шалыныўы тийис.

Қурбанлық етилетуғын ҳайўанлар түйе, қарамал, қой ҳәм ешки. Ешкиниң жасы толық бир жасқа кирип, екиге қарағаны, қарамалдың екиге толып, үшке өткени, түйениң толық төртке кирип, бес жасқа қарағаны қурбанлық етиледи. Булардан басқа ҳайўанларды қурбанлыққа сойыўға болмайды.  Сондай-ақ түйе ҳәм қара малды жети адамға шекем биригип сойса болады.

Қурбанлыққа сойылатуғын ҳайўанның дени саў, мүшелери пүтин болыўы керек. Ҳайўанның көзи қыйсық, аяғы шолақ ямаса шақысы түбинен сынған, қулағы түбинен кесилген болса бундай ҳайўанлар қурбанлыққа жарамайды. Сондай-ақ, аўырған, қатты азып кеткен ҳайўанды да қурбанлық етиўге болмайды.

Курбанлыққа сойылатуғын ҳайўанлардың ең әбзели – еки көзиниң әтрапы ҳәм аяқларына қара рең араласқан шақлы, семиз, ақ қошқар. Себеби, усындай тәриптеги қошқарды Пайғамбар алайхиссалам жақсы көрген ҳәм  қурбанлық еткен.

Қурбанлықтың гөшин үш бөлекке бөлиў мүстаҳаб болады. Бир бөлегин өзиниң шаңарақ ағзалары менен жейди, және бир бөлегин мүтәж адамларға садақа етеди, үшинши бөлегин сақлап қояды. Бул ҳаққында Пайғамбар алайхиссаламның: «Оннан жең, сақлап қойың ҳәм садақа етиң!» деген ҳәдиси бар.

Демек, усы нәрселерге әмел етсек қурбанлық ибадатымыз толық орынланған болады. Аллатаала халқымыздың қурбанлық ибадатын қабыл етсин, халқымызды байрамлардан, байрамларға аман-есен жеткерсин.

Солай етип, 21-23-август күнлери  – Қурбан ҳайытының биринши үш күни елимизде байрам сыпатында кеңнен белгиленеди.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы