Елимизде халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилмекте.

Усы жыл 14-июльде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жумысларды жетилистириў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Мине, усы қарардың  орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, ҳәр жылы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша тастыйықланған бағдарламаларды әмелге асырыў, бос ҳәм квоталанатуғын жумыс орынларына жумысқа орналастырыў механизмлерин жетилистириў бойынша нәтийжели илажларды раўажландырыў бағдарларында исленип атырған жумыслар туўралы Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри У.Сабуров төмендегише мағлыўмат берди:

– Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет катнасықлары министрлиги жоқарыда көрсетилген қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде бир қанша шөлкемлер менен биргеликте «Жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарламасы» тийкарында жыл даўамында 16427 жаңа жумыс орнын жаратыў режелестирилген болып, январь-июль айларында 8923 жаңа жумыс орынлары жаратылды ҳәм реже 101,2 процентке орынланды. Жаңа жумыс орынларын жаратыў режеси барлық қала ҳәм районларда әмелге асырылды. Соннан, санаат тараўында 1480, хызмет көрсетиў тараўында 692, аўыл хожалығы тараўында  790 бос жаңа жумыс орынлары жаратылды.

Сондай-ақ, инвестициялық идеяларды ҳәм меншиклестирилген кәрханаларды раўажландырыў «Жол карта»ларын әмелге асырыў бойынша 176, аўыл хожалығында арзан турақ жайлар, көп қабатлы турақ жайлар қурыў, жол қурылысы есабынан 1574, социаллық  тараўды раўажландырыў мақсетинде 469, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти руўажландырыўда 3742 жаңа жумыс орынлары ажыратылды.

Квоталанған жумыс орны бойынша тийисли кәрхана ҳәм мәкемелерден быйылғы жыл  ушын жәми 491  кәрханада 1738 жумыс орны, соның ишинде, майыплығы болған шахслар ушын 62 жумыс орны квоталанған болып, усындай 1165 жумыссыз шахслар аймақлық бәнтликке көмеклесиў орайларының жолламасы менен жумысқа орналастырылды.

Олардың ишинде  жалғыз баслы ата-аналар ҳәм 14 жасқа толмаған ҳәм  майыплығы болған  балалары бар ата-аналар 359, оқыў орнын тамамлап биринши мәрте жумыс ислеўшилер 473, әскерий хызметтен қайтқанлар 133, майыплығы болған шахслар 44, пенсия жасына жақынласқанлар 41 ҳәм жаза мүддетин өтеп келгенлер 79 адамды қурайды.

Усы жылдың январь-июль айлары даўамында Нөкис қаласы ҳәм районларда 100 ден аслам  «Бос жумыс орынлары мийнет ярмарка»лары шөлкемлестирилип,  өткерилген ярмаркалар даўамында 4334 кәрхана ҳәм шөлкемнен 17270 бос жумыс орынлары көрип шығылды.

Ярмаркаға 7390 жумыссыз пуқара қатнасып, олардан  4055 жаслар 1624 и кәсип-өнер колледжин питкериўшилери, 2697 ҳаял-қызлар қамтып алынды ҳәм  2954 пуқараға жумысқа орналастырыў бойынша жолламалар берилип, жумыс пенен тәмийинленди.

Миграция тараўында январь-июль айларында сырт елден қайтып келген жәми 40164  пуқараның 24257и жумысқа орналасқан болып, соның 607и Бәнтликке көмеклесиў орайлары тәрепинен  жумыс пенен тәмийинленди.

Усы жылдың август айына шекем Нөкис қаласы ҳәм барлық районлық Бәнтликке көмеклесиў орайлары жумыссыз пуқараларды жәмийетлик жумысларға тартыў бойынша жыллық шөлкемлестирилген режеге муўапық, республика көлеминде жәми 21567 пуқара жәмийетлик жумысларға тартылып болып, олардың бәнтлиги тәмийинленди.  Атап айтқанда, 5490 пуқара елатлы пунктлерди абаданластырыў жумысларына, 1021 пуқара өндирислик ҳәм социаллық  объектлердеги қурылыс жумысларына 15056 пуқаралар басқа да тараўлар бойынша жәмийетлик жумысларға бекитилип,пуқарардың бәнтлигин тәмийинлеўге ерисилди.

Келешекте министрлик елимизде қабыл етилип атырған бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўын тәмийинлеў, республикамызда ҳәр жылы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша тастыйыкланған бағдарламаларды әмелге асырыў, бос ҳәм квоталанатуғын жумыс орынларына жумысқа орналастырыў механизмин жетилистириў, өзин-өзи бәнт етиўдиң нәтийжели түрлерин раўажландырыў бағдарында тәсиршең илажлар көриўди  тийкарғы  мақсети  етип алған.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы