Пайтахтымыз Нөкис қаласында жүз берип атырған жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў, бунда заманагөй техника ҳәм технологиялардан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде, Нөкис қаласының транспорт ҳәм пиядалар ҳәрекети жоқары болған 5 жерине, яғный Өзбекстан гүзары – Беруний, А.Досназаров – Беруний, М.Жуманазаров – Е.Алакөз, Қарақалпақстан – Х.Режепов көшелериндеги жәми бес кесилиспеге заманагөй, жоқары сапалы видеокамералар орнатылды.

Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы мағлыўмат бермекте.

Бүгинги күнде жоқары сапада көриниске алыў имканиятына ийе бул заманагөй қурылмалар иске түсиў алдында тур.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги