1-июнь күни Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Депутатлар парламентлик қадағалаў шеңберинде Өзбекистан Республикасы қаржы министри тәрепинен усынылған Мәмлекетлик бюджеттиң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң 2016-жылдағы ҳәм 2017-жылдың биринши шерегиндеги орынланыўы ҳаққындағы есабын көрип шықты.
Есап бериў сиясий партиялар фракцияларының ҳәм Өзбекистан Экологиялық ҳәрекети депутатлық топарының алдын болып өткен мәжилислеринде дәслепки түрде көрип шығылғанын еслетип өтемиз.
Министрлер Кабинетиниң елимизди 2016-жылда социаллық-экономикалық раўажландырыўдың жуўмақлары ҳәм 2017-жылға мөлшерленген экономикалық бағдарламаның ең әҳмийетли тийкарғы бағдарларына бағышланған кеңейтилген мәжилисиндеги шығып сөйлеўи Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев елимизде басланған системалы демократиялық реформалардың ҳәм елимизди модернизациялаўдың сөзсиз даўам еттирилиўин, макроэкономикалық турақлылықты буннан былай да беккемлеўге және экономиканың жоқары пәтлерде өсиўин, соның ишинде Мәмлекетлик бюджетиң барлық дәрежедеги бирдейлигин, миллий валютаның ҳәм ишки базардағы баҳалар дәрежесиниң турақлылығын сақлап қалыўға, экономикада, биринши гезекте, санаатта ҳәм аўыл хожалығында терең структуралық өзгерислерди әмелге асырыўға, жеке меншикти, исбилерменлик ҳәм жеке бизнести жедел раўажландырыўға ҳәм олардың мәплерин қорғаўға қаратылған ўазыйпалардың орынланыўын 2017-жылға мөлшерленген ең әҳмийетли бағдарлар сыпатында белгилеп берди.
«World Economic Outlook» Халықаралық валюта фондының мағлыўматына көре, 2016-жылда жәҳән экономикасы орташа 3,1 процентке асты, сыртқы саўда көлеми болса тек 1,9 процентке асқан болып, бул болса инвестициялар көлеминиң 2015-жылға салыстырғанда 13 процентке азайғаны менен байланыслы болып табылады.
Мәжилисте атап өтилгениндей, усы шараятта, Мәмлекетлик бюджет тастыйықланған көрсеткишлерге ҳәм 132 миллиард сумнан аслам муғдарда профицит пенен орынланды. ЖИӨниң өсими 7,8 процентти, санаат өнимлери, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў көлеми тийислисинше 6,6 процентти қурады. Буннан тысқары, халықтың жан басына реал жалпы дәраматлар 11 процентке, бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң орташа айлық мийнет ҳақысы, пенсиялар, напақалардың ҳәм стипендиялардың муғдары тийислишинше 15 процентке асты.
Соның менен бирге, Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң 2017-жылдың биринши шерегиндеги орынланыўы ҳаққындағы есабын көрип шығыў даўамында депутатлар усы саладағы жумыслардың жағдайын сын көз-қарастан талқылады.
Соның ишинде атап өтилгениндей, дүнья базарларында коньюнктура турақлы емеслигин ҳәм бәсеки күшейип атырғанын есапқа ала отырып, инвестицияларды тартыўда 2017-жылғы Инвестициялық бағдарламаға киргизилген ҳәм Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың елимиз аймақларына сапар етиўлери ўақтында ислеп шығылған жойбарлардың сөзсиз орынланыўына биринши дәрежели итибарды қаратыў лазым.
Мәмлекетимиз басшысының парламент тәрепинен толық қоллап-қуўатланған басламасына бола, Нызамшылық палатасының депутатлары ҳәр айда елимиздиң ҳәр қыйлы аймақларына барады ҳәм 10-12 күн даўамында орынлардағы жумыслардың ҳақыйқый жағдайын үйренеди. Бундай әмелият көплеген машқалалардың ҳақыйқый себеплерин ҳәм шараятларын анықлаў мүмкиншилигин береди. Үйрениўлердиң жуўамақлары соннан дәрек береди, турақ жай коммуналлық хызмет системасындағы, транспорт ҳәм жол хожалығындағы, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў салаларын тәмийинлеўдеги, яғный раўажландырылыўы ушын Мәмлекетлик бюджеттиң дерлик 60 проценти жумсалатуғын социаллық саладағы кемшиликлер елимиз аймақлары халқын тәшўишке салып атырған ең әҳмийетли мәселелер болып табылады.
Бул бағдарда бүгинги күнде «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» Мәмлекетлик бағдарламасын орынлаў мақсетинде жол-транспорт, инженерлик-коммуникация ҳәм социаллық инфраструктураны раўажландырыўға және модернизациялаўға, денсаўлықты сақлаў системасын, билимлендириў ҳәм спортты жетилистириўге қаратылған 100 аслам нызам ҳүжжетлери қабыл етилди. Өз гезегинде, қабл етилген нызам ҳүжжетлеринде белгиленген илажларды әмелге асырыў ушын анық қәражетлер талп етиледи.
– Пуқаралардың мәплерин тәмийинлеў тиккелей исбилерменликти раўажландырыўға, мәмлекеттиң социаллық талапларын орынлаўға, нәтийжели бюджет-салық сиясатын жүргизиўиге, сондай-ақ, инвестицияларлық көлемин избе-из көбейтиўге байланыслы, – дейди Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Бюджет ҳәм экономикалық реформалар комитетиниң баслығы А.Шадманов. – Инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў шеңберинде заманагөй өндирис объектлери пайдаланыўға тапсырылмақта, жаңа жумыс орынлары жаратылмақта, соның менен, атап айтқанда, елимизде халықтың турмыс дәрежеси ҳәм сапасы артпақта. Бүгинги мәжилиске таярлық даўамында депутатлар быйылғы жылдың 30-май күни Ташкентте болып өткен ҳәм инвестициялық жойбардың әмелге асырылыўының барысын сын көз-қарастан талқылаўға ҳәм баҳалаўға бағышланған видеоселектор кеңесинде мәмлекетимиз басшысы белгилеп берген ўазыйпаларды үйренди ҳәм талқылады.
Мәжилис даўамында депутатлар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў, жергиликли мәмлекетлик уйымлардың лаўазымлы шахсларының атқарыў тәртибин арттырыў, Мәмлекетлик бюджеттиң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң келеси дәўир ушын өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўды әмелге асырыўда халық депутатларының тийисли Кеңеслери менен бирге ислесиў бағдарында алдында турған анық ўазыйпаларды белгилеп алды.
Мәжилистиң жуўмағына бола, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы мәмлекетлик бюджеттиң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң 2016-жылдағы ҳәм 2017-жылдың биринши шерегиндеги орынлаўы ҳаққындағы есабын тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл етти.
Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси
Нызамшылық палатасының
Мәлимлеме хызмети