Дүньяда инсанлардың бир-бирин қәдирлеўи, қуўаныш ҳәм қайғысын бөлисиўи, ғамқорлық көрсетиў, ҳал-жағдайынан хабар алыў, адамгершиликке тән пазыйлетлерден болып саналады. Әсиресе, бул инсан қәдири ҳәмме нәрседен үстин есапланған бизиң елимизде халқымыз дәстүрине айланған десек асыра силтеген болмаймыз.

3-декабрь – халықаралық майыплар күни мүнәсибети Қараөзек  районындағы пайызлы орынлардың биринде сәне мүнəсибети менен социаллық жəрдемге мүтəж ҳəм физикалық имканияты шекленген пуқаралар ушын район ҳәкимлиги тәрепинен ҳүрмет-иззет көрсетилип, байрам дәстурханы жайылды.

Илажға район ҳәкими  Анвар Баймуратов ҳәм тараў басшылары  қатнасып, бәрше қатнасыўшыларды сәне мүнәсибети менен қутлықлады ҳәм соңғы жыллары елимизде Президентимиз басшылығында халқымыздың абадан турмыста жасаўы ушын әмелге асырылып атырған реформаларды мақтаныш пенен атап өтип, бир қатар пуқараларға байрам саўғаларын тапсырды.

Соңынан байрам кешесинде илаж қатнасыўшылары ушын районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен йошлы концерт бағдарламасы усынылып, бул жыйналғанларға көтериңки кейпият инам етти.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы